Telegram karinform

Жәмийет

  • 14.03.2018 11:13
  • 2017

Денесинен 16 ийне табылған 11 айлық нәрестениң тәғдири не болды?

Денесинен 16 ийне табылған 11 айлық нәрестениң тәғдири не болды?

Буннан еки ай алдын 11 айлық нәрестениң денесинен 16 дана ийне табылғаны ҳаққындағы хабарлар тарқалған ҳәм көп пикир-таласларға себепши болған еди. Бүгин усы нәресте Азизбек Абдумажидовтың денсаўлығы жақсыланып, үйине қайтты, деп хабар бермекте ӨзА.

Ўақыя қалай болған еди?

Азизбектиң анасы перзентиниң тынышсызланыўынан тәшўишке түсип, өзи жасайтуғын жердеги медициналық бирлеспеге мүрәжат еткен. Дәслепки тексериўлер нәтийжесинде оның тамағы искени, температурасының жоқары екенлиги анықланып, аязлаў диагнозы қойылған. Бирақ, баланың аўҳалы өз орнына келмегеннен соң оны рентген тексериўинен өткерген ҳәм денесинде ийне бар екенлиги белгили болған. Бала ҳәм оның анасы дәрриў Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайына алып барылған. Усы жылдың 17-январь күни бала 9 саат даўамында 10 ға шамалас шыпакердиң қатнасыўында операция етилген. Операция нәтийжесинде оның денесинен 13 ийне алып тасланған.
Оны операция еткен балалар хирургы Д.Асадуллаевтың билдириўинше, нәрестениң жуўан ишеги, қуўығы, көкирек бослығы, мойын бөлеги, омыртқасы, жүреги астынан табылған ийнелер баланы еки ай даўамында қыйнаған. Бала операциядан соң бирнеше күн даўамында кома ҳалатын бастан өткерген.

Нәрестениң денесинде еле ийне бар...

Шыпакерлердиң билдириўинше, нәрестениң денесинде еле 3 ийне бар. Бирақ, бул ийнелер оның өмирине қәўип туўдырмайтуғын жерде жайласқан. Медициналық анализлерге муўапық, бул ийнелердиң бала денсаўлығына унамсыз тәсири жоқ. Егер бул баланы және тынышсызландырса, алдағы ўақытлары оларды операциялық жол менен алып таслаў мүмкин.

Баланың денесине 16 ийне қайдан кирип қалған?

Бул ҳаққында ҳәзирше анық мағлыўмат жоқ. Шыпакерлер 11 айлық нәресте ҳеш қашан сонша металлды жутып жибере алмайтуғынлығы, қызылөңеш ҳәм асқазанда ҳеш қандай жарақат излери жоқ екенлигин билдирген.

Азизбек бес жылдан берли қудайдан тилеп алынған жалғыз перзент...

Азизбектиң шаңарақ ағзалары оның денсаўлығының жақсыланып, үйине қайтқанлығынан қуўанышлы. Анасы Ш.Болтабаеваның айтыўынша, Азизбек олардың өмирлик жолдасы менен бес жылдан берли тилеп алған жалғыз перзенти екен. Олар баласының өмирин сақлап қалып, денсаўлығын жақсы тәрепке өзгеркен шыпакерлерден оғада миннетдар екенлигин билдирген.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: 👉 https://t.me/karinformuz

Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанның баспасөз еркинлиги рейтингиндеги орны өзгериссиз қалды

Өзбекстанның баспасөз еркинлиги рейтингиндеги орны өзгериссиз қалды

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

    2025-жыл 4-6-апрель күнлери Қарақалпақстан Республикасы тарийхый ўақыяға гүўа болды – биринши мәрте Арал мәденияты саммити

ChatGPT менен турақлы сөйлесиў қәўипли ақыбетлерге алып келиўи мәлим етилди

ChatGPT менен турақлы сөйлесиў қәўипли ақыбетлерге алып келиўи мәлим етилди

Психологлар жасалма интеллект пенен сөйлесиў, әсиресе, жасларға унамсыз тәсир етиўи мүмкинлигинен қәўетерленип атыр.  OpenAI ҳәм Массачусетс...

Хусановтың трансфер баҳасы жаңаланды

Хусановтың трансфер баҳасы жаңаланды

        Өзбекстан миллий сайланды командасы ҳәм «Манчестер Сити» клубы қорғаўшысы Абдуқодир Ҳусановтың баҳасы 35 миллион евроға