Telegram karinform

Спорт

  • 27.05.2017 14:48
  • 2376

2017-жылы Россияда болып өтетуғын Конфедерациялар кубоги ақырғысы болыўы мүмкин


ФИФА Конфедерациялар кубоги беллесиўлерин реформалаўды режелестирмекте. Сайланды командалардың қатнасыўындағы беллесиўлердиң орнына клублар арасында турнир шөлкемлестирилиўи мүмкин, деп хабар тарқатты Korrespondent O‘zbekiston.
ФИФА президенти Джанни Инфантино Конфедерациялар кубоги ҳәм декабрьде өткерилетуғын клублар арасындағы жәҳән чемпионаты қаншелли мақсетке муўапық екенлигин ойлап көретуғыны ҳаққында хабарлар тарқалған еди.
Жаңа беллесиўлер «Континентлер аралық кубок» деп аталыўы мүмкин, онда 16 ямаса 24 клуб қатнасады. Чемпионлар лигасының ақырғы еки жылдағы жеңимпазлары ҳәм финалшылары, Либертадорес кубоги ҳәм Европа лигасының жеңимпазлары, сондай-ақ, Азия, Африка және Арқа ҳәм Орайлық Американың клуб чемпионатларының жеңимпазлары беллесиўлерде қатнасады.
Усылайынша Россияда болып өтетуғын «Конфедерациялар кубоги-2017» тарийхтағы ең соңғысы болыўы мүмкин.
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында