Telegram karinform

Спорт

  • 29.05.2017 17:27
  • 2390

Өзбекистандағы ең үлкен спорт сарайы – «Ҳумо Арена» ҳаққында мағлыўматлар


Ташкентте қурылып атырған көп функционаллыққа ийе «Ҳумо Арена» муз сарайы Өзбекистандағы ең дәслепки үлкен спорт аренасы болып, ҳәзирги ўақытта сарайда Қубла Кореяның Heerim Architects компаниясының жумысшылары ислемекте. Арена ҳаққында толық мағлыўмат Qalampir.uz сайтында жәрияланды.
Келеси жылы қурылыс жумысларының жуўмақланыўы режелестирилген сарайдың тийкарғы бөлимин Сингапур мәмлекетиниң ири компанияларының бири болған Enter Engineering Pte. Ltd ның қурылысшылары әмелге асырмақта. Өзбекистанның Wind Rose компаниясы қурылысты қаржыландырыў менен бирге жеке инвестициясын сарпламақта.
14 мың тамашагөй сыятуғын трибуналы көп функционаллыққа ийе болған сарай аймағында муз аренасы, шынығыўлар өткерилетуғын майдан, балаларға арналған оқыў-кеўил ашар бағы, шаңарақлық кеўил ашар орайлар, амфитеатр, фонтанлы сулыў бағлар, ресторан ҳәм рекрациялық зоналар, бағ ҳәм сейил етиў орны, заманагөй паркинг ҳәм басқа да көплеген имаратлар орналасады.
Имараттың улыўмалық майданы 74 мың квадрат метрди қурайды, имарат 4 этаждан ибарат болып, бәлентлиги 36 метрди қурайды. Муз сарайы 12,5 мың трибунаға ийе болып, концерт залы сыпатында 10 мың, спорт жарысларын өткериў залы сыпатында болса 14 мың тамашагөйге арналған.
Комплекс аймағында спорт музейи, балалар ушын жабық ойын жери, тренажор заллары, фитнес орайы, заманагөй типтеги улыўмалық аўқатланыў орынлары, спорт үскенелери дүканы ҳәм басқа хызмет көрсетиў объектлери орналастырылады.
Аренада хоккей матчлары, шорт-трек, фигуралы ушыў, кёрлинг бойынша жарыслар менен бирге, баскетбол, волейбол, гандбол, футзал, бокс, таэквондо ҳәм басқа спорт түрлери бойынша беллесиўлерди өткериў имканияты бар.
Соны да айтып өтиў керек, Қубла Кореяның Heerim Architects компаниясы Ислам Каримов атындағы Ташкент халықаралық аэропортының дизайн жумысларын да өз жуўапкершилигине алған. Хабарларға қарағанда, бул жойбардың улыўмалық қунлылығы $430 миллионнан аслам қаржыны қурайды.
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанның баспасөз еркинлиги рейтингиндеги орны өзгериссиз қалды

Өзбекстанның баспасөз еркинлиги рейтингиндеги орны өзгериссиз қалды

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

    2025-жыл 4-6-апрель күнлери Қарақалпақстан Республикасы тарийхый ўақыяға гүўа болды – биринши мәрте Арал мәденияты саммити

Билл Гейтс жасалма интеллект те жоқ ете алмайтуғын үш кәсипти айтты

Билл Гейтс жасалма интеллект те жоқ ете алмайтуғын үш кәсипти айтты

        Жасалма интеллект технологияларының раўажланыўы себепли көплеген кәсиплер жоқ болып кетеди. Бул мәселеге Microsoft компаниясының тийкарын

Президент пәрманы менен 488 шахс әпиў етилди

Президент пәрманы менен 488 шахс әпиў етилди

        Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев мүбәрек Рамазан ҳайыты қарсаңында халқымызға тән жақсылық, кеңпейиллик, адамгершилик, мийрим-шәпәәт