Telegram karinform

Жәмийет

  • 29.05.2017 20:47
  • 2363

Докторантура, таяныш докторантураға кимлер қабылланыўы мүмкин?



Өзбекистан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2017-жыл 22-май сәнесинде «Жоқары оқыў орынларынан кейинги билимлендириў системасын және де раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары шықты.
Оның мазмунына муўапық, жоқары оқыў орынларынан кейинги билимлендириў үш басқышқа бөлинеди:
Таяныш докторантура;
Докторантура;
Еркин излениўшилик.
Таяныш докторантура ҳәм докторантура басқышлары мәмлекет бюжети тәрепинен қаржыландырылады.
Таяныш докторантурада оқыўды ҳәм илимий мийнетлерди жақлағаннан соң философия докторы яғный Doctor of Philosophy (PhD), ал докторантураны тамамлағаннан соң илим докторы яғный Doctor of science (DSc) илимий дәрежелери бериледи.
Таяныш докторантура ҳәм докторантураға талабанлар Жоқары оқыў орынларында шөлкемлестирилген қабыллаў комиссиясы тәрепинен нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте сайлаў тийкарында қабылланады.
Таяныш докторантураға кириў ушын қәнигелик пән ҳәм инглис тилинен имтихан тапсырылады. Талабанларда IELTS (орташа балл 5,5), TOEFL (PBT) (567 баллдан кем болмаўы), TOEFL (iBT) (87 баллдан кем болмаўы керек), CEFR (B2 дәрежесинен кем болмаған) бойынша тастыйқлаўшы ҳүжжет болған жағдайда шет тилинен имтихан тапсырыўы шәрт емес;
PhD илимий дәрежесин алыў ушын талабанлар төмендеги талапларға жуўап бериўи керек:
Магистр дәрежеси, клиникалық ординатура ямаса қәнигелиги бойынша жоқары мағлыўматқа ийе болыўы керек;
Талабанның илимий темасына байланыслы илимий журналда кеминде бир илимий мақала, илимий топламларда кеминде еки тезис жәриялаған болыўы керек;
Философия докторы илимий дәрежеси излениўшилерине илимий басшылар бекитиледи;
Таяныш докторантураға кириў имтиханлары 1-25-ноябрь аралығында болып өтеди.
Social

Усыныс етемиз

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Уқсас жаңалықлар

Қытайда дүньядағы биринши жасалма интеллект емлеўханасы ашылады

Қытайда дүньядағы биринши жасалма интеллект емлеўханасы ашылады

        Пекиндеги Синхуа университети толық жасалма интеллект тийкарында ислейтуғын биринши «Агент емлеўханасы»н шөлкемлестирди. Онда 14 виртуал

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...