Telegram karinform

Жәмийет

  • 29.05.2017 20:52
  • 2399

Докторантураға кимлер қабылланады, имтиханлар қашан болады?

Докторантураға кимлер қабылланады, имтиханлар қашан болады?

2017-жыл 22-май сәнесинде Өзбекистан Республикасы Министрлер Кеңесиниң «Жоқары оқыў орынларынан кейинги билимлендириў системасын және де раўажландырыў ис-илажлары ҳаққында»ғы қарары шықты.
Оның мазмунына қарағанда, докторантура басқышлары мәмлекетлик бюжет тәрепинен қаржыландырылады. Докторантураға талабанлар сәўбет тийкарында қабылланады.
Илим докторы дәрежесин алыў ушын талабанлар төмендеги талапларға жуўап бериўи керек:
Илим докторы, философия докторы ямаса оған теңлестирилген сырт елде алынған илимий дәрежелерге ийе болыўы керек;
Илим докторы ямаса философия докторы дәрежесин алғаннан соң әҳмийетли илимий жетискенликлерге ерискен болыўы, илимий журналларда кеминде 3 илимий мақала, илимий конференция топламларда кеминде еки тезис жәриялаған болыўы керек;
Тәбийғый пәнлер ушын талабанлардан клиникалық ординатура дәрежесин алғаннан соң илимий, илимий-педагогикалық, ямаса әмелий жумыс стажына (еки жылдан төрт жылға шекем) ийе болыўы талап етиледи.
Илим докторы илимий излениўшилерине илимий консультантлар бекитиледи;
Илим докторы дәрежесин алыў ушын ҳәрекет етип атырған талабанға өзиниң қәлеўине муўапық ҳешқандай илимий консультантсыз илимий жумысын жүргизиўи мүмкин.
Диссертациялар қарақалпақ, өзбек, рус, инглис тиллеринде болыўы мүмкин. Докторантураға кириў имтиханлары 1-25-ноябрь аралығында болып өтеди.
Social

Усыныс етемиз

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Уқсас жаңалықлар

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

    Өткен ҳәптеде Олий Мажлис Нызамшылық палатасында болып өткен дөгерек сәўбетинде онлайн-платформалар бойынша нызам жойбары ҳаққында

Жәмийетлик орынларда уятлы сөзлер менен сөгиниў, пуқараларды кемситиў жәриймаға себеп болыўы мүмкин

Жәмийетлик орынларда уятлы сөзлер менен сөгиниў, пуқараларды кемситиў жәриймаға себеп болыўы мүмкин

        Бул норма Өзбекстан Республикасы ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 183-статьясында келтирилген «Майда гүдибузарлық, яғный, жәмийетлик орынларда