Telegram karinform

Сиясат

  • 16.03.2018 13:24
  • 2438

Астанада Шавкат Мирзиёевтиң басламасы тийкарында Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының мәсләҳәтлесиў ушырасыўы болып өтти



Астана қаласында 15-март күни Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының биринши мәсләҳәтлесиў ушырасыўы болып өтти. Бул ҳаққында Президенттиң баспасөз хызмети мәлим етти.
Оған Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев, Қазақстан Республикасы Президенти Нурсултан Назарбаев, Қырғызстан Республикасы Президенти Сооронбай Жээнбеков, Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон ҳәм Түркменстан Межлиси басшысы Акжа Нурбердиева қатнасты.
Бундай ушырасыўды турақлы түрде өткериў ҳәм регионаллық машқалаларымызды биргеликте шешиў Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басламасы, деди Қазақстан Президенти Нурсултан Назарбаев. Жыйналысымыз ҳәммемиз ушын улыўмалық болған Наўрыз қарсаңында өтип атырғаны да терең мәниге ийе. Әлбетте, өз алдына ушырасып туратуғын едик, бирақ бундай биргеликтеги ушырасыў көптен берли болмаған еди.
Шавкат Мирзиёев Президент лаўазымына кирисиў алдында қоңсылас мәмлекетлер менен жақыннан бирге ислесиўге айрықша әҳмийет қаратыўын атап өткен еди. Өткен қысқа ўақытта барлық айтқанларын әмелге асырды. Президентимиз мәмлекетлик сапар менен барлық қоңсы мәмлекетлерде болды. Мәмлекетлик шегаралар, саўда байланыслары, транспорт коммуникациялары, аймақлар менен бирге ислесиў сыяқлы көплеген мәселелер бойынша өз ара мәплерге тийкарланған шешимлер табыўға ерисилди.
Елимиз басшысы 2017-жыл сентябрьде БМШ Бас Ассамблеясының 72-сессиясында Орайлық Азия регионында тынышлық ҳәм қәўипсизликти беккемлеў, турақлы социаллық-экономикалық раўажланыўды тәмийинлеўге қаратылған конструктивлик идея және басламаларды алға сүрди. Бул басламалар ноябрьде Самарқандта болып өткен “Орайлық Азия: бирден-бир тарийх ҳәм улыўмалық келешек, турақлы раўажланыў ҳәм раўажланыў жолындағы бирге ислесиў” темасындағы халықаралық конференцияда бир пүтин бағдарлама сыпатында усынылды.
Орайлық Азия мәмлекет басшыларының мәсләҳәтлесиў ушырасыўы усылайынша шөлкемлестирилди.
Ушырасыўда Президент Шавкат Мирзиёев усы күни көп әсирлик жақсы қоңсышылық тарийхында жаңа бет ашылғанын атап өтти.
Өзбекстанның қоңсылас мәмлекетлер менен бирге ислесиўи избе-из раўажланып бармақта, деди елимиз басшысы. Елимиздиң Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан ҳәм Түркменстан менен товар алмасыў көлеми 20 проценттен артты. Соның менен бирге, халықларымыздың абадан турмысы жолында пайдаланыўымыз мүмкин болған көплеген имканиятлар бар.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz

Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында