Telegram karinform

Жәмийет

  • 02.06.2017 18:22
  • 2337

WikiLeaks Орайлық Разведка басқармасының «Пандемия» вирусы ҳаққында мағлыўмат берди


Жасырын мағлыўматларды әшкаралаўға қәнигелескен WikiLeaks шөлкеми АҚШ Орайлық Разведка басқармасының жасырын жойбары «Пандемия» ҳаққындағы мағлыўматларды жәриялады. «Пандемия»дан гөзленген тийкарғы мақсет, жеке компьютер пайдаланыўшыларын бақлаў болған.
Windows бағдарламалық тәмийинатындағы айрым файллар троян бағдарламасы менен алмастырылған, пайдаланыўшының өзи болса вирусты жергиликли тармақ арқалы тарқатқан. Экспертлердиң айтыўынша, ол техникалық жақтан оншелли жетик емес, Windows файлларын қай формада алмастырыўды түсиниўге көмеклесетуғын техникалық түсиндирмелер жоқ.
WikiLeaks 7-марттан баслап Орайлық Разведка басқармасы тәрепинен қолланып келинген киберразведкалық усыллар ҳаққында көплеген мағлыўматларды жәриялай баслады. Бул мағлыўматлар тийкарында соны айтыў мүмкин, басқарма мобиль телефонлар арқалы бақлаў имканиятын беретуғын бағдарламалар, сондай-ақ, пүткил дүньядағы смартфонларға жалғаныў мүмкиншилигин беретуғын технологиялардан пайдаланған.
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...