Telegram karinform

Жәмийет

  • 21.03.2018 10:28
  • 2561

Қандай қолтаңба ийелеринен лидерлер көбирек шығады?

Қандай қолтаңба ийелеринен лидерлер көбирек шығады?

Даўамы
8-ФАКТ. Ҳәриплери оң тәрепке көбирек қыйсайған көринисте жазатуғын инсанлар өзлериниң сезимлерин әтираптағыларға билдиреди.
9-ФАКТ. Егер ҳәриплери шеп тәрепке қарай қыйсайған болса, ондай инсанлардың эмоциясын ақыл басқарады. Олар өзлерин көрсетиўди жақсы көреди. Ҳәрқандай ўақыя ҳәм адамлардың арасында тийкарғы орында турғанды унатады. Басқалардың итибар қаратыўы олар ушын жүдә әҳмийетке ийе.
10-ФАКТ. Егер ҳәриплер қыйсаймай, тик көринисте болса, ондай инсанлар күшли характерге ийе болады. Олар өмирден не қәлейтуғынын биледи ҳәм көбинесе олардан лидерлер шығады. Тик көринистеги қол таңбалы инсанлардың ақылы ҳәм жүреги ўақыяларды тең баҳалайды.
11-ФАКТ. Домалақ көринистеги ҳәриплер менен жазатуғын инсанлар жумыс ислеўден шаршамайтуғын болады. Жәмәәтлик жумысларды жақсы көреди.
12-ФАКТ. Ҳәриплери азғана қысылған болса, ондай инсанлар сезимлерге берилиўшең болады, ал, егер ҳәриплери бираз қысылған болса, олар әтираптағылар менен кирисиўшең болып келеди.
13-ФАКТ. Қол таңбасы майда болған инсанлар ақыллы болады екен. Олар әтираптағы майда өзгерислерди де сезеди. Ҳәмме нәрседе анықлықты жақсы көреди. Олардың кеўли ашық болып, дослары арасында бираз ҳәзиллескенди унатады. Бундай қол таңбаға ийе инсанлар әтираптағылар менен кирисиўшең болады. Егер тез қарар қабыл етиў керек болса, олар көп ойлап отырмай буйрық бериўге кириседи.
14-ФАКТ. Үлкен қол таңбаға ийе инсанлар күшли энергияға ийе болады. Олар ҳәрдайым жәрдемге таяр турады. Жетерли дәрежеде ақыллы болады.

Интернет материалы тийкарында таярлаған: Сахибжамал Есемуратова
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...