Telegram karinform

Жәмийет

  • 21.03.2018 12:59
  • 2098

Шавкат Мирзиёев халқымызды Наўрыз байрамы менен қутлықлады



Бүгин, яғный 21-март күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Ташкент қаласында “Өзэкспоорай”да шөлкемлестирилген байрам сейилине қатнасты ҳәм халқымызды Наўрыз улыўма халықлық байрамы менен қутлықлады, деп хабар бермекте Kun.uz басылымы.
“Атызларымызда, алыс-алыс аўылларымызда халқымыз Наўрызды, ояныў, жасарыў байрамын үлкен салтанат пенен күтип алмақта. Әлбетте, жаннан әзиз ўатанымызда жүз берип атырған өзгерислер, қабыл еткен стратегиямыздың ең үлкен мазмуны да халқымызды разы етиўден ибарат.
Бүгин әлбетте байрамды үлкен сейил етип өткергенимиз бийкарға емес. Қыстан шыққан халқымыз бәҳәрги байрамды жоқары кейпият, шүкиршилик пенен күтип алмақта.
Ўәлаятларымызды айланып шыққанымызда ақсақалларымыз, ҳүрметли аналарымыз, қарындасларымыз, перзентлеримиздиң кейпиятлары ҳәммемизге күш бағышлады.
Дийқанларымыз, шигит егип атырған фермерлеримиз, атызларда жумыс ислеп атырған мийнеткешлеримизге қут-берекет тилеймиз. Олардың билдирген тилеклери елимизге молшылық алып келсин.
Жанажан ўатанымызда көп миллетли халқымыз миллети, тили, динине қарамастан бир шаңарақ ағзалары болып жасамақта. Иләйым көз тиймесин, иләйым халқымыздың барлық нийетлери әмелге ассын, халқымыздың ең үлкен мақсети – елимизде тынышлық болсын, елимизге көз тиймесин. Және бир мәрте сизлерди Наўрыз байрамы менен қутлықлайман. Саў-саламат болың!”, - деп айтып өткен президент.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz

Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған