
Ташкент қаласындағы П.Ф.Боровский атындағы медицина колледжинде өз группаласлары тәрепинен тепкиленип, кейин ала қайтыс болған Жасур Иброҳимовтың анасы жүз берген қайғылы ўақыя бойынша Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевқа хат жоллап, әдиллик орнаўын ҳәм айыпкерлердиң жазаланыўын сорағанлығы ҳаққында хабарлар тарқалды.
Болжаўларға қарағанда, Жасурды Ислом Тўлагановтың басшылығындағы 5 өспирим бала тепкилеген. Ҳәзирше баслы гүманланыўшы Ислом Тўлаганов болып турыпты.
Социаллық тармақлар арқалы Жасур Иброҳимовты өлтириўде гүманланып атырған Ислом Тўлагановтың фотосүўретлери жәрияланды.
Мағлыўматларға қарағанда, Исломның әкеси Абдужалил Расулов баласына нызамлы шара көрилиўин талап еткен.