
Колумбия университетиниң изертлеўшилери 2017-жылдағы ең бахытлы ҳәм бахытсыз мәмлекетлер дизимин ислеп шықты. Бул ҳаққында NUR.KZ порталы worldhappiness.report сайтына сүйенип хабарлады.
World Happiness Report 2017 деп аталатуғын рейтингте ең бахытлы мәмлекет деп Норвегия ал, ең бахытсыз мәмлекет деп Орайлық Африка Республикасы тән алынды. Бахытлы мәмлекетлер беслигине Норвегия, Дания, Исландия, Швейцария, Финляндия мәмлекетлери кирген.
Ал, ең бахытсыз мәмлекетлер беслигинен Орайлық Африка Республика, Бурунди, Танзания, Сирия, Руанда мәмлекетлери орын алған. Россия бул рейтингте 49-орынды, Қазақстан 60-орынды, Түркменстан 59-орынды, Өзбекстан 47-орынды ийелеген.
Сахибжамал Есемуратова