Telegram karinform

Мәденият

  • 24.07.2019 13:11
  • 3193

«Танк» фильминдеги таныс сөзлер…

«Танк» фильминдеги таныс сөзлер…

Дерлик ҳәр биримиздиң жүрек төримизден орын алған «Танк» фильминиң бизге қәдирдан ҳәм таныс болған сөзлерин сизлердиң дыққатыңызға усыныўды мақул көрдик…

- Кемпир, ҳә кемпир! Ана аўылдың шетиндеги гөр қаза беретуғын ақсақтың аты ким еди?
- Ҳәәә, ана Раҳматылланы айтасаң ба?
- Әй, өш! Нәлет жаўғыр сениң. Оншама бақырасаң! Намазды бузайын деп едиң-ғо…

«Танк» фильминдеги таныс сөзлер…

Кегейли бетке қыз айттырып бармаған екенмен-дә! Несип етсе, мениң балам болармеди?!

***

- Оқыўым еле питкен жоқ.
- Не қыл дейди? Усы қыз шешеси менен ойнайды-ай… 5 жыл азлық етемекен?
- Апа, ойын емес-аў. Сәл кемиси бар. Сол кемиске енди танк керек.
- Танки… Өйбей, қурған маңлайым-ай! Кишкантайыңда да дөдет әпер деп қоймайтуғын едиң, бой жетсеңде балалығың қалмайды…

***

Қызымды оқытып-оқытып, атампушықтың оқымаған баласына бермеймен!

***

Диплом жумысын өткериў ушын муғаллимди айтқанына көндиргендей адам керек. Оны «танк» дейди болмаса бир сыйырдың пулы…

***

- Қызың танки керек дейди. Муғаллимлерге қарап айдайтуғын танки керек екен.
- Мен не военныйман ба?

***

- Бармасам, қызым жыласа, сатып берейин десем, маңлайымыздағы жалғыз сыйыр. Ол өзимизге де керек. Ақылым ҳайран…
- Көк шай ишсеш, көк шай ишсең ақылың енеди-ғо…

***

Сениң дәртиң пал емес, пул-ғо…

«Танк» фильминдеги таныс сөзлер…

- Алды менен сен маған соны айт, барған менен жумысым пите ме, питпей ме?
- Аввал пул беринг айтаман. Арвоҳлар гапирмаяпти. Арвоҳлар оч!
- Әстаўпыралла, мениң қалаға келиўиме қарап турған екен-дә, жүреги үзилип!

***

- Халық артистисең-ғо я?
- Аўа.
- Онда саған айтайын дегеним, алдыңа халқың келип тур, иним!

***

- Шет елден келгеннен кейин генжетайымның тойына Радж Капурды әкелип бересиз.
- Радж Капур… Оның өлгени қашшан.
- Неге өледи? Ким өлтирди?
- Жасы жетип, қартайып өлди.
- Ҳе, артисам қартаямекен? Баллары бар ма?
- Оларды не қыласаң? Олар Ҳиндстанда-ғо.
- Болса бола берсин. Маған Капур керек. «Аварагу»ди айтып берсе болды.


Таярлаған: Ислам МАТЕКОВ
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Жәмийетлик орынларда уятлы сөзлер менен сөгиниў, пуқараларды кемситиў жәриймаға себеп болыўы мүмкин

Жәмийетлик орынларда уятлы сөзлер менен сөгиниў, пуқараларды кемситиў жәриймаға себеп болыўы мүмкин

        Бул норма Өзбекстан Республикасы ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 183-статьясында келтирилген «Майда гүдибузарлық, яғный, жәмийетлик орынларда

ChatGPT: Ол қалай ислейди ҳәм авторлық ҳуқықы кимге тийисли?

ChatGPT: Ол қалай ислейди ҳәм авторлық ҳуқықы кимге тийисли?

    Жасалма интеллект қалай ислейди, ол келешекте инсан мийнетиниң орнын баса ала ма, нейрон тармақлар тәрепинен