
АҚШтың жаңа президенти Дональд Трамп жасайтуғын үй қымбатбаҳалы буйымлар менен толы. Оның Манхэттенде бой көтерген 68 қабатлы Trump Tower (Трамп минарасы) имараты ҳәммени лал қалдырады. Имараттың жоқарғы бөлиминде үш қабатлы пентхауста миллиардер Трамп ҳаялы Мелания ҳәм баласы Бэррон менен жасайды.
Оның үйинде дерлик ҳәмме нәрсе – ыдыс-табақлар, гүзелер, люстралар алтыннан жасалған. Олардың көпшилигине бриллиант сеўилген.






