Telegram karinform

Жәмийет

  • 25.03.2018 23:22
  • 2165

«Хабар» өкпеледи «Дияр»ға». «Қарақалпақстан» телеканалының «Дияр» информациялық бағдарламасына арналған қосық



Бәршеңиздиң хабарыңыз бар, «Қарақалпақстан» телеканалының «Хабар» информациялық бағдарламасының атамасы «Дияр» деп өзгертилди. Бул атаманың өзгертилиўине ҳәр ким түрлише пикирлерди билдирмекте. Кимгедур бул мақул болса, кимлергедур унамады. Төменде республикалық «Қарақалпақстан жаслары» газетасында жәрияланған усы мәселеге бағышланған Муратбай Нызановтың қосығын дыққатыңызға усынамыз.

Орынлы өкпе
«Хабар» өкпеледи «Дияр»ға,
- Орнымды алдың-ә, уялмай!
Өкпелемес едим мен саған,
Уқсаслығын болса қыялдай.

Сыйламадың мениң жасымды,
Ишке сала алмадым ашыўымды,
Ушып турар едим өзим-ақ,
Кирип келген болса жасы уллы.

Мен жүзимдей едим, солқымлы,
Я көрдиң бе олпы-солпымды?
Ақ пәтиямды берейин, иним,
Қайтарып бер, мениң орнымды!

(2018-жыл 7-март күни жазылған)
Муратбай Нызанов


Сахибжамал Есемуратова
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...