Telegram karinform

Жәмийет

  • 20.06.2017 18:20
  • 2870

Қайдан келген бәле бул? Ямаса БАЙРАМды ОЙРАН қылғанлар…


Ҳәр жылы июнь айында түрли «үрп-әдетлер» ҳәўиж алып, адам ойына келмейтуғын «ойлап табылыўлар»дың гүўасы болып атамыз. Өйткени, бул айда студентлердиң «диплом защита»сы болып өтеди. «Диплом защита» – ҳәр бир студенттиң бирнеше жыл даўамында өзлестирген билиминиң нәтийжесин көрсетип беретуғын үлкен байрам есапланады. Бул байрамға ҳәр ким өзинше таярлық көреди. Айта кететуғын жери, көпшилигимиз «Байрам – байрамдай өтсин» дегендей, тазадан кийим-кеншек сатып аламыз. «Защита»дан шығып болып естелик ушын сүўретке түсемиз. Булардың барлығы да кимниң болса да кеўлин толқынландырып, ериксиз қуўанышқа бөлейди. Ҳақыйқый байрам мине усындай болады!
Бирақ, сүўретке түсип болған соң нағыз «тамаша» басланады. Қәлеймиз бе-қәлемеймиз бе, питкериўшини жора-жолдаслары, қурбы-қурдас, дос-яранлар салмадағы суўға таслап, шомылдыра баслайды. Шомылдырғанда да мәзи қара суў болса ҳеш гәп! Көк дәри, ручканың сыясы ямаса принтердиң картрижи ушын арналған унтақланған қара көмир …, …, … ҳәм тағы басқаларды суўға еритип, аппақ көйлекте, қуўдай болып киятырған питкериўшиниң үсти-басына аўдарады. Аппақ нәрсе бирден қап-қараға айланыўын ямаса реңин пүткиллей өзгертип жибериў «реакция»ларының гүўасы боламыз. Ҳәр жылы гүўасы боламыз.
Қайдан келген бәле бул? Ямаса БАЙРАМды ОЙРАН қылғанлар…
Дурыс, бундай ҳәрекетлер сол күнди «умытылмас»тай етип жибериўи мүмкин. Деген менен, байрам ҳешқашан ойранлықлар, кеўил қалыспалар менен есте қалмаўы керек. Буның орнына питкериўши досларымыз ушын ҳәр қыйлы ойынлар шөлкемлестирип, ҳәзил-дәлкек сөзлер айтып, жақсы ўақыялар менен есте қаларлықтай етип өткерсек бир өмирге татырлық ўақыя болған болар еди.

Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Жәмийетлик орынларда уятлы сөзлер менен сөгиниў, пуқараларды кемситиў жәриймаға себеп болыўы мүмкин

Жәмийетлик орынларда уятлы сөзлер менен сөгиниў, пуқараларды кемситиў жәриймаға себеп болыўы мүмкин

Уқсас жаңалықлар

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

    Лондон Патшалық колледжиниң илимпазлары Лондон Империал колледжиниң кәсиплеслери менен биргеликте лаборатория шараятында жасалма түрде инсан

Қарақалпақстанда ерлер көп пе ямаса ҳаяллар?

Қарақалпақстанда ерлер көп пе ямаса ҳаяллар?

    Қарақалпақстан Республикасы статистика комитетиниң берген мағлыўматына бола, 2025-жылдың 1-апрель жағдайына Қарақалпақстан Республикасының турақлы халқының саны

АҚШ визасын алмақшы болғанлардың социаллық тармақлары тексериледи

АҚШ визасын алмақшы болғанлардың социаллық тармақлары тексериледи

        АҚШтың студентлик ҳәм басқа түрдеги визаларын алажақ болған адамлардың социаллық тармақлары тексериледи. Мәмлекетлик хаткер Марко