Telegram karinform

Технология

  • 22.06.2017 13:04
  • 2621

Стивен Хокинг: «Жақын 30-50 жыл ишинде адамзат Жерди тәрк етиўи керек!»


Норвегиядағы Стармус IV халықаралық илимий ҳәм көркем өнер фестивалында сөзге шыққан британиялы белгили астрофизик Стивен Хокинг адамзат жақын 30-50 жылда Айға ҳәм Марсқа көшип өтиўи керек екенлигин билдирди.
Ол адамзаттың астероидлардың Жерге соқлығысыўы, климаттағы өзгерислер ямаса Жер жүзинде адамлардың кескин артып кетиўи нәтийжесинде кризиске ушыраўы ўақыт пенен байланыслы мәселе екенлигин ҳәм усы апатшылықларды күтип отырмастан, жақын 30 жылдың ишинде Айға, 50 жылдың ишинде болса Марсқа көшип өтиў керек, деген пикирди айтып өтти. Соның менен бирге, Хокинг басқа планеталарға көшип өткенде өсимликлер, ҳайўанлар, замаррықлар ҳәм жәнликлерди өзлери менен бирге алып кетиўи кереклигин айрықша атап өтти.
Хокинг өз сөзинде адамзат тек ғана Қуяш системасы менен шекленип қалмай, оның сыртындағы биз ушын ең жақын болған Альфа Сентавра жулдыз системасына жетип барыўды усыныс етти. Алымлардың болжаўларына қарағанда, бул системада жасаў ушын жарамлы болған Проксима Б планетасы бар.
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...