
Кейт Миддлтон өзиниң кийиниў стили менен белгили. Ал, оның қызы да анасының жолын даўам еттирип атыр. Қызы мәлийка Шарлоттаның әллеқашан-ақ, кийимлер коллекциясы жаратылған болып, оның кийимлери анасының кийимлери менен үйлес.
Ҳақыйқатында да, Кейт ҳәм Шарлоттаның кийимлериниң реңлери ямаса дизайнлери бирдей болады. Кэтрин ҳәрдайым Шарлоттаға қымбат болмаған брендлердиң кийимлерин таңлайды.
Кишкене мәлийка биринши мәрте 2016-жылы Елизаветы II ниң туўылған күнине арнап өткерилген кешеде халықтың алдына шыққан еди.
Төменде www.elle.ru сайты тәрепинен жыйналған, Кейт ҳәм Шарлоттаның биргеликте түскен сүўретлерин көриўиңизге болады.



