
Жақында сырт елдеги интернет-басылымларында «исенимли ҳәм ўәкилликли дәреклерге тийкарланып», Өзбекистан Орайлық банки жақын ўақытлар ишинде 50 мың ҳәм 20 мың сўмлық жаңа банкноталарды шығарыўы ҳаққында хабарлар тарқалған еди.
Sof.uz сайтына тийкарланып, Корреспондент Ўзбекистонның хабар бериўинше, Орайлық банктиң баспасөз хызмети ўәкили бундай хабарлардың тийкарсыз екенлигин айтып өткен.
Соны да айтып өтиў орынлы, апрель айында Ҳәрекетлер стратегиясында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы бойынша биринши шеректиң жуўмақларына арналған жыйналыста Орайлық банк ўәкили Шоҳрух Шоахмедов жақын келешекте жаңа банкноталарды айланысқа енгизиў режеси жоқ екенлигин билдирген еди.