Telegram karinform

Мәденият

  • 27.06.2017 18:43
  • 5763

Қарақалпақстандағы биринши интернет-радио «Жайхун садоси» өз толқынына ийе болады


Әмиўдәрья районында жарық көрип турған «Тараққиёт кўзгуси» газетасы өз жумысларын кеңейтип бармақта. Районның жәмийетлик-сиясий турмысындағы ең соңғы жаңалықлар газета редакциясы тәрепинен шөлкемлестирилген «АмуТВ» телеканалы ҳәм Қарақалпақстандағы дәслепки интернет-радиосы есапланған «Жайхун садоси» радиосында үзликсиз сәўлелендирилип барылмақта. Бунда журналистика тараўының пидайы, жанкүйер ўәкиллериниң бири Ғуломжон Ешниёзовтың хызметлери айрықша.
Бүгин Қарақалпақ мәмлекетлик қуўыршақ театрындағы салтанатлы жыйналыста шығып сөйлеген «Тараққиёт кўзгуси» газетасының бас редакторы Ғ.Ешниёзов интернет-радио жақын күнлерде өз толқынына ийе болыўы ҳәм пүткил елимиз бойлап өз еситтириўлерин тарқатыў имканиятына ийе болатуғынлығы жөнинде айтып өтти.

Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...