
Социаллық тармақларда кең тарқалған ҳәм талқылаўларға себеп болып атырған сүўретлердиң биринде «Тасланды таслағанларға …» деген жазыўды оқыў мүмкин. Қаламызда бийпәрўалық пенен көшелерге ҳәр түрли тасландыларды таслап кетиў жағдайлары көп ушырасады. Бул, әлбетте, қаламыздың шырайын бузады, сондай-ақ, бул тасландылар өзлеринен унамсыз ийислерди шығарады. Усыларды есапқа алған ҳалда тасландыларды арнаўлы орынларға тасласа ямаса қутыларға салса мақсетке муўапық болар еди деп ойлаймыз. Биз социаллық тармақлар ҳәм сайтлар арқалы усындай тәризде сынға алып турсақ, бәлким ОЛАР да түсинип жетер…
Сахибжамал Есемуратова