
Қырғыз тилинде сөйлейтуғын қуўыршақ Қырғызстан дүканларында тез арада сатылыўы режелестирилген.
Баланың сөз байлығын жетилистириў ушын ойлап табылған бул қуўыршақ «Қара жорға» ға да ойнай алады. Бул ҳаққында Sputnik.kg хабар берди. Бул идеяның ийеси Қанат Жаныбековтиң айтыўына қарағанда, бундай ойыншықларды жаратыў идеясы бес жыл алдын келген болып, буған тийкарынан оның балалары түртки болған.