
Америка телеканалларының бириндеги комедиялық шоуда баслаўшы Джимми Фэллон роботлар менен сәўбет өткерди деп хабар бермекте vesti.ru. Онда жылан ҳәм гүбелек роботлар қатнасты. Көрсетиўде робот София да қатнасып, телетамашагөйлерди ҳайран қалдырды. София «тас-қайшы-қағаз» ойынында баслаўшыны жеңди. Бул робот өзиниң эмоциялары ҳәм сезимлерин билдире алады. София әрманы дүньяны жаўлап алыў екенлигин айтып өткен.