
Алматы қаласында жасаўшы Абзал Мырзаш мектеп бағдарламасын жети жылда толық меңгерип, 12 жасында питкерип шықты, деп хабар берди Baq.kz
Ақыллы баланың ата-анасы билимлендириў министрлигинен қапа болған. Себеби, мектепти ўақтынан бурын питкерген оқыўшыға алтын медал да, қызыл аттестат та берилмейди екен.
Вундеркинд бала АҚШта оқыўды қәлеўин айтып өткен. Келешекте ол IT технология тараўында оқымақшы.
Абзал 3 жасында ҳәрип танып, китап оқыған, төрт жасында көбейтиў кестесин ядлаған. Ол республикалық пән олимпиадаларына қатнасып, көплеген дипломлар алған.
Бул шаңарақтағы үш бала да 5 жастан оқыўға барған.