
Алдын хабар бергенимиздей, кеше 30-июнь күни Ташкент қаласындағы Симпозиумлар сарайында Преззидент Ш.Мирзиёев «Камолот» ЖЖҲның IV Қурылтайы шеңберинде жаслар менен ушырасты.
Өзбекистан Миллий мәлимлеме агентлигиниң хабар бериўинше, ушырасыўда «Камолот» ЖЖҲның тийкарында Өзбекистан Жаслар аўқамын шөлкемлестириў усынысы көтерилген. Делегатлар усынысты бир даўыстан мақуллаған.
Өзбекистан Жаслар аўқамы Орайлық кеңесиниң баслығы етип Қаҳрамон Қуронбоев сайланған.