Telegram karinform

Жәмийет

  • 01.07.2017 13:43
  • 2572

Өзбекистан Жаслар аўқамы ОК баслығы Қаҳрамон Қуронбоев ҳаққында мағлыўмат



Алдын хабар бергенимиздей, «Камолот» ЖЖҲ сапластырылып, оның тийкарында Өзбекистан Жаслар аўқамы шөлкемлестирилди ҳәм Орайлық кеңестиң баслығы лаўазымына Қаҳрамон Қуронбоев сайланған еди.
Қаҳрамон Қўчқорович Қуронбоев 1992-жылы Ташкент мәмлекетлик университети (ҳәзирги Мырза Улығбек атындағы Өзбекистан Миллий университети)н, 2004-жылы Өзбекистан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыў академиясын питкерген, сиясаттаныў илимлериниң докторы.
Қаҳрамон Қуронбоев 2015-жылдан баслап Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетиниң Жаслар сиясаты, билимлендириў, мәденият ҳәм спорт мәселелери информациялық-аналитикалық департаментиниң Жаслар сиясаты ҳәм руўхый раўажланыў секторының баслығы лаўазымында жумыс ислеген.
1997-2008-жыллары «Камолот» жаслар жәмийетлик ҳәрекети Орайлық Кеңеси баслығының биринши орынбасары лаўазымында ислеген.
2009-2012-жыллары Мырза Улығбек атындағы Өзбекистан Миллий университетиниң Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық ислери бойынша проректоры болған.
2012-2013-жыллары Өзбекистан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыў академиясының Руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша проректоры, 2013-2015-жыллары Республикалық Руўхый үгит-нәсиятлаў орайының баслығы лаўазымларында ислеген.
2016-жылдың август айынан Өзбекистан Миллий телерадиокомпаниясы баслығының биринши орынбасары, кейин ала Өзбекистан Республикасы Президентиниң шөлкемлестириў мәселелери ҳәм кадрлар бойынша Мәмлекетлик кеңесгөйиниң орынбасары лаўазымларында иследи.
Қуронбоев излениўши илимпаз сыпатында 250ден аслам илимий мақала, 8 монография ҳәм 9 оқыўлық қолланбаның авторы есапланады, «Маънавият», «Маданият ва санъат», «Тарбия» сыяқлы сөзлик ҳәм қолланбаларды таярлаўда белсене қатнасқан.
Social

Усыныс етемиз

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

    Өткен ҳәптеде Олий Мажлис Нызамшылық палатасында болып өткен дөгерек сәўбетинде онлайн-платформалар бойынша нызам жойбары ҳаққында