
Министрлер Кабинетиниң қарарына муўапық, Олимжон Тўйчиев Илим ҳәм технологиялар агентлиги Бас директорының орынбасары етип тайынланған. Бул ҳаққында агентликтиң мәлимлеме хызметине тийкарланып Корреспондент Ўзбекистон хабар бермекте.
О.Тўйчиев агентликте Технологиялар трансферин шөлкемлестириў ҳәм инновациялық ярмаркаларды өткериў, Халықаралық илимий-техникалық бирге ислесиўди раўажландырыў, Информациялық-коммуникациялық технологиялар ҳәм Жоқары билимлендириўден кейинги билимлендириў системасы бөлимлериниң жумысын муўапықластырыў жумыслары менен шуғылланады.
О.Тўйчиев усы ўақытқа шекем Ташкент қаласындағы Турин политехника университетиниң магистратура бағдарында оқып атырған еди. 2013-жылы ол «Шуҳрат» медалы менен сыйлықланған.