Telegram karinform

Технология

  • 10.07.2017 13:29
  • 2492

Суў менен жүретуғын «Матиз», қолдан энергия алатуғын телефон, «Равон» спорткары – Өзбекистан «Экспо-2017»де!


Massaget.kz сайты Қазақстанда болып атырған халықаралық «Экспо-2017» көргизбесинде Өзбекистанның павильонына нәзер аўдарды ҳәм оны көргизбедеги «ТОП-5» ликке киргизиў кереклиги ҳаққында жазды.


Басылымда жазылыўынша, Өзбекистанның павильонындағы еки этажлы саяхат капсуласы қуяш энергиясынан қуўатлылық алып, оның баҳасы капсуланы бириншилерден болып жаратқан Япония ҳәм Белоруссияның капсуласы сыяқлы 80 мың доллар емес, 2-8 мың доллар ҳәм пайдаланыўға қолайлы.


Сондай-ақ, көргизбедеги «Матиз» автомашинасы да суўды пуўландырыў арқалы, пуўдың жанар-май менен араласыўынан қозғалысқа келеди.


Өзбекистанда 2030-жылдан ислеп шығарылыўы режелестирилип атырған AR-2025 телефоны өзгеше болып, ол адамның ҳәрекетинен қуўатлылық алады.


Павильондағы «Ravon» брэнди астындағы шығарылған спорткар ҳәммениң дыққат орайында. Ол қуяш энергиясынан қуўатлылық алып, толық қуўатлылық 700 км аралыққа шекем жетеди.
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған