Telegram karinform

Мәденият

  • 11.07.2017 12:23
  • 2727

Қарақалпақстан Гиннестиң «Рекордлар китабы»на кирген бе?



Мағлыўматларға қарағанда, сиз ҳәм бизиң киндик қанымыз тамған Ўатанымыз – Қарақалпақстан Республикасы «Арқа полюсқа ең жақын пахта жетистиретуғын мәмлекет» категориясы бойынша Гиннестиң «Рекордлар китабы»на киргизилген.
Биз билемиз, Қарақалпақстан Республикасы жақын күнлерге шекем дүньяда жоңышқа туқымын жетилистириў ҳәм экспорт етиў бойынша жетекши мәмлекет болып келди. Сондай-ақ, бул жердеги дәрилик шөплер, әсиресе, боян тамыры бүгинги күнде көпшилик раўажланған еллерге экспорт етилип, оннан дәри-дармақ ислеўде кең қолланылмақта. Дурыс, басқа мәмлекетлер де боян тамырын экспортқа шығарады. Деген менен, олардың дәрилик өзгешеликлери бәрибир Қарақалпақстанның боян тамырына жетпейтуғыны оны сатып алыўшылар тәрепинен де айтып келинеди.
Мениң пикиримше, Қарақалпақстанды усы өзгешеликлери менен де «Рекордлар китабы»на киргизиў орынлы болады.

Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Жәмийетлик орынларда уятлы сөзлер менен сөгиниў, пуқараларды кемситиў жәриймаға себеп болыўы мүмкин

Жәмийетлик орынларда уятлы сөзлер менен сөгиниў, пуқараларды кемситиў жәриймаға себеп болыўы мүмкин

Уқсас жаңалықлар

Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Өзбекстан гидрометеорология хызмети агентлиги 17-апрель күни ушын ҳаўа-райы прогнозын жәриялады. Мәлим етилиўинше, ертең, 17-апрель күни Республиканың...

Қарақалпақстанда ерлер көп пе ямаса ҳаяллар?

Қарақалпақстанда ерлер көп пе ямаса ҳаяллар?

    Қарақалпақстан Республикасы статистика комитетиниң берген мағлыўматына бола, 2025-жылдың 1-апрель жағдайына Қарақалпақстан Республикасының турақлы халқының саны

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

      9-апрель күни саат 22:08 де Қарақалпақстан Республикасы, Төрткүл районы «Аққамыс» АПЖ аймағынан өткен А-380 магистрал