Telegram karinform

Жәмийет

  • 05.04.2018 13:44
  • 2242

Жоқары оқыў орынларында тест сынақлары 1-15-август күнлери аралығында еки сменада өткериледи



Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң “Жоқары оқыў орынларына оқыўға қабыл етиў тәртибин және де жетилистириў ҳаққында”ғы қарары қабыл етилди. Бул ҳаққында Әдиллик министрлигиниң “Ҳуқуқий ахборот” каналы мәлим етти.
Қарар тийкарында тастыйықланған Жоқары оқыў орынларының бакалавриатына оқыўға қабыл етиў ушын кириў тест сынақларын өткериў тәртиби ҳаққындағы уставға тийкарланып:
- оқыўға қабыл етиў ҳаққындағы арзалар ҳәр жылы 15-июньнан 15-июльға шекем қабыл етиледи;
- тест сынақлары ҳәр жылы 1-августтан 15-августқа шекем, күнине еки сменада өткериледи. Бунда биринши смена 8:00 де, екинши смена 15:00 де басланады;
- абитуриент тест сынақлары өткерилетуғын күни бинаға тийисли аймаққа 07:00 (екинши смена саат 13:00)ге шекем, бинаға саат 07:30 (екинши смена саат 13:30) ға шекем тек ғана абитуриент руқсатнамасы ҳәм паспорты менен шахсты идентификациялаў қураллары және видеофиксация қурылмалары арқалы тәртипли рәўиште кириўи керек.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz

Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Ҳәр жылдың 1-июнь күни Халық аралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне 1949-жылы Парижде Халықаралық...

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

        Экономика ҳәм тынышлық институты тәрепинен жәрияланған жыллық Global Peace Index  (GPI) рейтингинде Өзбекстан 163 мәмлекет