Telegram karinform

Жәмийет

  • 06.04.2018 14:14
  • 2085

Қырағы болың! Мессенджерлерде қәўипли вируслар пайда болды



Trustlook Labs корпорациясының қәнигелери уялы телефонлардағы барлық мессенджердеги мағлыўматларды урлайтуғын вирусты анықлады. Бул ҳаққында корпорация блогында хабар берилген. Вирус телефонлардағы антивирусты шетлеп өтип, системаға өзиниң анықлаў кодын көрсетпейди. Бул вирус телефонлардағы Telegram, Viber, Facebook, Messenger, Skype, Line ҳәм басқа да мессенджерлердеги мағлыўматларды урлайды. Қәнигелердиң билдириўинше, кибер жынаятшылар алынған мағлыўматлар арқалы телефон ийесине басым өткериў ушын пайдаланады.
Кибер қәўипсизлик бойынша қәнигелер зыянлы бағдарламаны биринши болып Қытайдың Cloud Module бағдарламасында анықлаған. Вирусты өзинде сақлаўшы пакет com.android.boxa деп аталады. Ол Android бағдарламасы ҳәм басқа бағдарламалардың интернет-магазинлери арқалы тарқалыўы мүмкин екенлиги айтылмақта.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz

Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Ҳәр жылдың 1-июнь күни Халық аралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне 1949-жылы Парижде Халықаралық...

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

        Экономика ҳәм тынышлық институты тәрепинен жәрияланған жыллық Global Peace Index  (GPI) рейтингинде Өзбекстан 163 мәмлекет