
Челябинск аймағында «Олимпиец» лагеринен 4 бала аўыр менингит кеселлиги менен кеселханаға жиберилди деп хабар берди vesti.ru.
«Олардың екеўинде энтеровируслы инфекция бар екенлиги анықланған. Қалған еки баланың белгилери еле тексерилмекте. Лагердеги қалған балалардың барлығын тексерип атырмыз. Олардың айырымларын үйлерине жибердик», - деп хабар берди Ден саўлықты сақлаў министрлигиниң баспасөз хаткери Мария Хворостова.