Telegram karinform

Жәмийет

  • 13.04.2018 11:39
  • 2080

Өзбасымшалық пенен қурылған имаратларға мүлк ҳуқықы берилсе, мүлк ийеси қанша сум төлем төлеўи мүмкин?



Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Пуқараларды социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў бойынша қосымша илажлар ҳәм өзбасымшалық пенен қурылған турақ жайларға мүлк ҳуқықын белгилеў бойынша бир мәртелик улыўма мәмлекетлик акциясын өткериў ҳаққында»ғы Пәрманы жойбары таярланып, додалаўға қойылды. Бул ҳаққында Әдиллик министрлигиниң «Ҳуқуқий ахборот» каналы арқалы мәлим етилди.
Пәрман тийкарында бундай имаратларға тек ғана мүлк ҳуқықы берилип қалмастан, имарат қурылған жер участкасына (жер участкасының бир бөлимине) мийрас етип қалдырылатуғын өмирликке ийелик етиў ҳуқықыда бериледи. Жер майданының көлеми Өзбекстан Республикасының Жер кодексине муўапық 0,06 гектарға шекем (6 сотих) етип көрсетилген. Өзбасымшалық пенен қурылған имаратларға Пәрман тийкарында мүлк ҳуқықы берилсе, мүлк ийеси ең кем мийнет ҳақының 10 есеси муғдарында (1 722 400 сум) бир мәртелик жыйым төлеўи белгиленген.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz

Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...