Telegram karinform

Сиясат

  • 13.04.2018 12:32
  • 2219

Нурға толы көзлеримизде Президентимизге деген миннетдаршылық сезимлери көринип турады

Нурға толы көзлеримизде Президентимизге деген миннетдаршылық сезимлери көринип турады

Ҳәммемизге белгили, соңғы жыллары елимизде ири қурылыс ислери алып барылмақта. Нөкис қаласында бийик-бийик жайлар, имаратлар бой көтермекте. Қаламыздың шырайы көзди қамастырмақта. Соңғы жыллары ири көлемдеги оңлаў ислери қатарында Имам ийшан Муҳаммед жәмәәтлик мешитин айрықша айтып өтиў орынлы. Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтың ғамхорлығы ҳәм қоллап-қуўатлаўы менен 2017-жыл Өзбекстан мусылманлары мәкемеси Қарақалпақстан Республикасы ўәкиллиги Имам ийшан Муҳаммед жәмәәтлик мешитинде қайта қурылыс ислери әмелге асырылды. Бүгинги күнде бул мешиттиң әтирапы абаданластырылып, қаламыздың ең сулыў орнына айланды.
Ең тийкарғысы, бир неше жыллардан берли ишимлик суўынан қыйналып атырған Мойнақтың халқы таза ишимлик суўы менен тәмийинленди. 2017-жылдың 1-июль күни «Қоңырат-Мойнақ суў обьектти қурылысы» жойбары қурып питкерилип, пайдаланыўға тапсырылды.
Миллет келешеги болған кишкене балалар ушын да көп имканиятлар жаратып берилмекте. Президентимиз Шавкат Мирзиёевтың басламасы менен елимиз бойлап мәмлекетлик емес балалар бақшаларының қурылыўы баслап жиберилди. Бул болса балалардың ҳәр тәреплеме саламат, руўхый тәрептен жетик, билимли, саўатлы болып жетилисиўи ушын тийкар болары сөзсиз.
Сондай-ақ, Нөкис қаласындағы Әмир Темур атындағы дем алыў бағының реконструкциядан кейинги жағдайы көз қуўандырады. Бул дем алыў бағында балалар ушын жаңадан аттракционлар иске қосылды. Буннан кишкене балалардың қуўанышында шек жоқ.

Нурға толы көзлеримизде Президентимизге деген миннетдаршылық сезимлери көринип турады

Және де өткен жыллар даўамында «Нукус полимер» кәрханасы иске түсти. Кәрхана өзиниң биринши өнимин 2017-жылдың 24-июль күни шығарған болса, ол жылына 8000 тонна полиэтилен ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе. Бул арқалы елимиздеги жумыссызлар жумыс пенен тәмийинленди.
Тиккелей Президентмиздиң басламасы менен қарақалпақстанлы қәбилетли, инталы балаларды тәрбиялаў ушын Ибрайым Юсупов атындағы мектеп шөлкемлестирилди. Балалар ҳәм жас өспиримлер ушын үлкен спорт комплекси пайдаланыўға тапсырылды.
Әлбетте, бул раўажланыўлар, унамлы өзгерислер Журтбасшымыз Шавкат Миромонович Мирзиёевтың аталарша ғамхорлығының арқасында.
Усындай тыныш мәмлекетимиз, ашық аспанымыз, абадан елимиз ҳәм раўажланыўлардың нәтийжесинде жүзимизде күлки, нурға толы көзлеримизде болса Президентимизге деген миннетдаршылық сезимлери көринип турады.


Сахибжамал Есемуратова
Social

Усыныс етемиз

Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў жәриймаға себеп болады

Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў жәриймаға себеп болады

Уқсас жаңалықлар

Самолёттың қайсы бөлеги қәўипсизрек?

Самолёттың қайсы бөлеги қәўипсизрек?

    Қәнигелердиң пикиринше, борттағы ең қәўипсиз жер самолёттың артқы тәрепиниң үштен бир бөлеги. АҚШ Пуқаралық Авиация

Китап оқығанлар оны оқымағанларға салыстырғанда көбирек өмир сүреди – изертлеў нәтийжеси

Китап оқығанлар оны оқымағанларға салыстырғанда көбирек өмир сүреди – изертлеў нәтийжеси

    Бүгинги күнде китап оқыйтуғын адамлар көпшиликти қураса да, технологиялар, соның ишинде интернет раўажланып, өмиримиздиң бир

Көк пияз шаштың тез өсиўине жәрдем береди

Көк пияз шаштың тез өсиўине жәрдем береди

    ✅ Жаңа көк пияз иштейди ашыў ушын хызмет етип келген. Соның ушын да тағамды безеўде