Telegram karinform

Жәмийет

  • 13.04.2018 13:10
  • 2837

«Магистратурада Германияда оқыў нийетиндемен»: Германияда оқыў ушын грант жеңимпазы Айдын Сәрсенбаева менен сәўбет

«Магистратурада Германияда оқыў нийетиндемен»: Германияда оқыў ушын грант жеңимпазы Айдын Сәрсенбаева менен сәўбет

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң шет тиллери факультети немис тили бағдарының 2 студенти Германияның DAAD оқыў бағдарламасының гранты жеңимпазы болғанлығы ҳаққында алдын бара берген едик. Олардың бири – 3-курс студенти Айдын Сәрсенбаева менен сәўбетлестик.

Немис тили имканиятлар есигин ашып берди
- Кишкене ўақытларымнан баслап немис тилине қызығаман ҳәм бул тилди үйрениў мен ушын үлкен имканиятлар есигин ашып берди. Университетимиздиң тәжирийбели профессор-оқытыўшылары менен булл тилдиң сырларын терең үйренип бардым. Сондай-ақ, Самарқанд, Ташкент ҳәм Ферғана қалаларында өткерилген семинарларға қатнасып, көнликпелеримди арттырдым.

Әўметли жыл
- Соны айрықша атап өтиў керек, 2018-жыл мен ушын әўметли басланды. Себеби, Германияның халық аралық академиялық бирге ислесиў бағдарламасы – DAADтың жоқары оқыў орынларының студентлери ушын арналған жазғы тил үйрениў курслары ушын гранты қолға киргиздим. Бул мен ушын үлкен жетискенлик болды.

Августта Кёльнге
- Усы жылдың август айында Германия Федеративлик Республикасының Кёльн қаласындағы университетте немис тили бойынша оқыў курсларында оқыўды режелестирип отырман. Бул курстың тийкарғы мақсети, жасларды еле де немис тилине қызықтырыў, олардың билимин жетилистириў, магистратура басқышына таярлаў, соның менен бирге, Германия мәденияты, тарийхы менен таныстырыўдан ибарат.

Келешектеги режелер
- Мен сыяқлы тил үйрениўге қызығатуғын жасларды қоллап-куўатлаўда еки мәмлекет арасындағы ҳәр бир тараўдағы бирге ислесиўлердиң жоқары дәрежеде екенлиги тийкар болмақта. Бул оқыў сапары даўамында мен немис тили бойынша билим ҳәм көнликпелеримди арттырып, беккемлеп, келешекте усы бағдарлама бойынша Германияда магистратура басқышында оқыўды нийет еткенмен. Мақсетим, немис тилин терең меңгерип, елимиз жасларына да усы тилди үйретиў арқалы дүнья есиклерин ашып бериўге көмеклесиў, - дейди грант жеңимпазы Айдын Сәрсенбаева.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz

Сәўбетлескен: Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў жәриймаға себеп болады

Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў жәриймаға себеп болады

Уқсас жаңалықлар

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

    Лондон Патшалық колледжиниң илимпазлары Лондон Империал колледжиниң кәсиплеслери менен биргеликте лаборатория шараятында жасалма түрде инсан

Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Ертең Қарақалпақстанда жаўын жаўыўы күтилмекте

Өзбекстан гидрометеорология хызмети агентлиги 17-апрель күни ушын ҳаўа-райы прогнозын жәриялады. Мәлим етилиўинше, ертең, 17-апрель күни Республиканың...

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

      9-апрель күни саат 22:08 де Қарақалпақстан Республикасы, Төрткүл районы «Аққамыс» АПЖ аймағынан өткен А-380 магистрал