Telegram karinform

Жәмийет

  • 20.04.2018 00:08
  • 1927

Нобельден ўаз кешкен «…ғарры» ҳаққында

Нобельден ўаз кешкен «…ғарры» ҳаққында

«Ясная поляналы ғарры». Толстойды усылай атар еди. Айырым фактлерге қарағанда ол илимий излениўлер, инсаниятқа пайда келтириўши ойлап табылыўлар, мәденият ямаса жәмийет раўажланыўына қосқан уллы хизметлери ушын берилетуғын ең белгили ҳәм үлкен әҳмийетке ийе болған «Нобель» сыйлығын алыўдан бас тартқан. Солженицинның жазыўынша, Толстой «қандайдур керосин сатыўшы әдебият сыйлығын усыныс етеме, бул қандай гәп?» деп ашыўланған. Бул факт қаншелли ҳақыйқатқа жақын? Толстой сыйлықтан 1901 жылы бас тартқан. Бул ўақыядан соң Толстойға 1902-жылдың январында 40 тан аслам ўатанласы әдетий болмаған наразылық хатлар жазған. «Сиз өз жеке дүньяңыз бенен бундай сыйлықларға умтылмаған болсаңызда, сизиң тымсалыңызда тек ғана заманагөй әдебиятты емес, бәлки бүгинги күнде де ҳәммеден бурын көз алдымызға келетуғын үлкен сөз шеберин көремиз». Бундай хатлардан соң Лев Николаевич та өзиниң пикирин билдирип: «Маған бул сыйлықтың берилмегенинен қуўанышлыман. Бул мен ушын бириншиден, мени ҳәр қандай зулым келтириўши пулларды сарыплаўдай аўыр мийнеттен сақлайды. Екиншиден, маған таныс болмаған адамлардан бундай мазмундағы хатларды алғанымнан қуўанышлыман» деп жазады.
1906-жылы және бул сыйлықты алыўды қәлемеген Толстой өзиниң шығармаларын фин тилине аўдармалайтуғын жақын достысы Арвид Ярнефельдке хат жазып, сыйлықтың Толстойға берилиўиниң алдын алыўын айтады. Бул өтиништи Арвид Ярнефельд орынлаған болса керек, 1906-жылы да сыйлық Толстойға берилмейди.


Есемуратова Сахибжамал
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...