Telegram karinform

Жәмийет

  • 20.04.2018 12:53
  • 2853

«Ағайин-туўысқанларыңыз арасында судланғанлар бар екен» деген бәне менен жумысқа қабыл етиўден бас тартыў қадаған етилди



«Өзбекстан Республикасының айрым нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам қабыл етилди, деп хабар бермекте «Инсон ва қонун».
Нызам тийкарында Мийнет кодексиниң 78-статьясына қосымша киргизилип, шахстың алдын судланғанлығы (нызам ҳүжжетлеринде нәзерде тутылған жағдайлар буған кирмейди) ямаса жақын ағайин-туўысқанларының судланғанлығы мүнәсибети менен жумысқа қабыл етпеўди бийкарлаўшы норма орнатылды.
Бул нызам жойбары Әдиллик министрлиги тәрепинен нызамшылықта шахсты жақын ағайин-туўысқанларының ямаса өзиниң судланғанлығы мүнәсибети менен жумысқа қабыл етиўден бас тартыў тәртиплери анық белгиленбегенлиги, пуқаралардың мийнет етиў ҳәм еркин кәсип таңлаў ҳуқықын толық әмелге асырыўға тосқынлық етип атырғаны себепли ислеп шығылған еди.
2016-жылдың өзинде Әдиллик министрлигине жақын ағайин-туўысқанларының ямаса өзиниң судланғанлығы мүнәсибети менен жумысқа қабыл етиў бийкарланғанлығынан соң наразы болып 33 мүрәжат келип түскен.
Бул норма усы жылдың 19-апрель сәнесинен баслап күшке кирди.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz

Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған