Telegram karinform

Жәмийет

  • 25.04.2018 23:23
  • 2186

Сеннен миннетдармыз, Жаслар аўқамы! Жаслар аўқамы студентлерге контракт пулының 35% ин төлеп берди

Сеннен миннетдармыз, Жаслар аўқамы! Жаслар аўқамы студентлерге контракт пулының 35% ин төлеп берди

2017-жылдың 30-июнь сәнесинде Ташкент қаласындағы Симпозиумлар сарайында өткерилген Қурылтайда Президентимиз Шавкат Мирзиёевтың өзи қатнасып, Өзбекстан жасларына кең имканиятлар есигин ашып берди. Тийкарғы жумысы мәжилисбазлық ҳәм жыйналыслар болып қалған «Камолот»тың орнына жаслардың турмысында үлкен өзгерислерге себеп болатуғын ЖАСЛАР АЎҚАМЫН дүзиўди усыныс етти. Буннан тысқары, 30-июньды Жаслар күни сыпатында белгилеўди усынды.
Өзбекстан жаслар аўқамы шөлкемлестирилгенли берли елимизде жасларға көп имканиятлар жаратып берилмекте. Дәслеп, жәмлеспеген жасларды билимге, китапқумарлыққа, өнер үйрениўге ҳәм жумысқа тартыў илажлары көрилди.
Биз ЖАСЛАР АЎҚАМЫнан буннан да үлкен жетискенликлерди күткен едик. Биз күткен илажлар избе-из әмелге асырылмақта.
Өзбекстан жаслар аўқамы тәрепинен жоқары оқыў орынларында төлемли-конракт тийкарында оқып атырған, Өзбекстан жаслар аўқамының белсенди ағзасы болған студентлерди материаллық жақтан қоллап-қуўатлаў айтылған еди.
Бул тек ғана столда қалған қарар болып қалмай, әмелде орынланбақта. Жоқары оқыў орнының бакалавриат ямаса магистратурасында төлемли-контракт тийкарында күндизги бөлимде оқып атырған, семестр даўамында орташа өзлестириў көрсеткиши 86% ҳәм оннан жоқары болған студент ҳәм магистрантлардың төлемли-контракт суммасының 35%ин Өзбекстан жаслар аўқамы төлеп берди.
Материаллық жақтан қоллап-қуўатлаўға талабан студентлердиң тийкарғы көрсеткишлерин баҳалаў критериясынан 1-курс студентлери кеминде 70 балл, 2- ҳәм оннан жоқары курслар 143 балл топлаған, сондай-ақ, баҳалаў критериясының I блогынан 1-курс студентлери 40 балл, 2- ҳәм оннан жоқары курслар 75 балл топлаған ҳәм II блогынан 1-курс студентлери 10 балл, 2- ҳәм оннан жоқары курслар 20 балл топлаған болыўы нәзерде тутылған еди.
Жоқары оқыў орынларына қосымша контракт (супер контракт) тийкарында оқып атырған студентлер 2-курс ўақтынан баслап қатнасады. Сондай-ақ, мүддетли әскерий хызметти атқарып келип, әскерий бөлимниң усыныснамасына муўапық төлемли-контракт тийкарында оқып атырған ҳәм Аўқам тәрепинен материаллық жәрдем берилип атырған студентлер буған қатнаса алмайды.
Билимли, талантлы ҳәм қәбилетли студентлер ҳәм магистрантларға бундай имканиятлардың жаратып берилиўи, оларға және де илҳам, күш-жигер бағышлаўы сөзсиз.
Кейинги мақалаларымызда Қарақалпақстан Республикасында жайласқан жоқары оқыў орынларынан неше студентке бундай имканиятлардың берилгенлиги туўралы толығырақ мағлыўмат берип өтемиз.
Сеннен миннетдармыз, ЖАСЛАР АЎҚАМЫ!!!

Сахибжамал Есемуратова
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақстанда жаздың биринши күнинде ҳаўа райы қандай болады?

Қарақалпақстанда жаздың биринши күнинде ҳаўа райы қандай болады?

    «Өзгидромет» Қарақалпақстан Республикасында жаздың биринши күнинде ҳаўа райы қандай болыўы ҳаққында мағлыўмат берди.  Ҳаўа бираз

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

    Өткен ҳәптеде Олий Мажлис Нызамшылық палатасында болып өткен дөгерек сәўбетинде онлайн-платформалар бойынша нызам жойбары ҳаққында

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

    Лондон Патшалық колледжиниң илимпазлары Лондон Империал колледжиниң кәсиплеслери менен биргеликте лаборатория шараятында жасалма түрде инсан