Telegram karinform

Жәмийет

  • 27.04.2018 12:38
  • 1993

Мектеплерде оқыўшы ҳәм ата-аналардан пул жыйнаўды тоқтатыў мәселесине арналған петиция жәрияланды



Усы жылдың 20-апрель сәнесинде «Менинг фикрим» порталы жумыс баслағаны ҳаққында хабар берилген еди.
Арадан бир ҳәпте өтип, порталда дәслепки онлайн-петициялар пайда болды. Атап айтқанда, «Мектеплерде оқыўшылардан, олардың ата-аналарынан пул жыйнаўды тоқтатыў ҳәм буған жол қойған шахслар жуўапкершиликке тартылыўы керек» деген атамада мүрәжат киргизилген болып, онда «усы унамсыз иллет бүгин тоқтатылмаса, келешекте балаларымыз мектеплерде оқыўдың орнына, айтылған қаржыны жеткере алмағаны ушын оқытыўшы ҳәм класларының алдында өзин жерге урылғандай сезиўи, бул болса олардың руўхый жағдайы және оқыўына деген қызығыўшылығының төменлеўине себепши болыўы мүмкин» деген мазмундағы пикирлер алға сүрилген, деп жазады Xabar.uz.
Бул онлайн-петиция ҳәзирги күнге шекем 70 тен аслам даўыс жыйнаған. Даўыс бериў 90 күн даўам етеди. Мүрәжат Олий Мажлис тәрепинен көрип шығылыўы ушын ол кеминде 10 мың даўыс топлаўы керек. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық халық депутатлары кеңеси көрип шығыўы ушын болса – кеминде 5000 даўыс, районлық ҳәм қалалық кеңеслери ушын – кеминде 1000 даўыс топланыўы зәрүр.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz

Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанның баспасөз еркинлиги рейтингиндеги орны өзгериссиз қалды

Өзбекстанның баспасөз еркинлиги рейтингиндеги орны өзгериссиз қалды

Уқсас жаңалықлар

Өзбекстанда интернет пайдаланыўшылары саны жәрияланды

Өзбекстанда интернет пайдаланыўшылары саны жәрияланды

    ​Миллий статистика комитетиниң берген мағлыўматларына муўапық, интернет пайдаланыўшылары саны дерлик 94%ке жеткенлигин көриўимиз мүмкин. Жоқарыдағы

Goal талқылаўы бойынша «Алтын топ» ушын тийкарғы талабанлардың дизими жәрияланды

Goal талқылаўы бойынша «Алтын топ» ушын тийкарғы талабанлардың дизими жәрияланды

Goal порталы «Алтын топ» ушын тийкарғы талабанлар дизимин жәриялады. Оған бола, «Барселона» вингери Рафиня бул бағдарда...

Өзбекстанда экобелсендилер ушын жеңилликлер бериў жобаластырылмақта

Өзбекстанда экобелсендилер ушын жеңилликлер бериў жобаластырылмақта

    Өзбекстанда «Экобелсенди пуқара» турмыс тәризин кең ен жайдырыўға қаратылған «Бир миллион жасыл шаңарақ» улыўма миллий