Telegram karinform

Жәмийет

  • 01.05.2018 12:24
  • 2436

Қанлыкөлге саяхат журналистлерде бир өмирлик тәсир қалдырды

2018-жылдың 29-апрель сәнеси өмир дәптеримизде айрықша күн болып қалды. Себеби, бул сәнеде биз ҳәким ҳәм оның орынбасарлары менен ушырастық, биринши мәрте атқа миндик, биринши мәрте ишине гөш ҳәм гүриш салып писирилген асқабақты жедик, биринши болып усы сәнеде ашылған «Тоқсаныншы жыллар музейи»н тамашаладық. Қулласы, бүгин бириншилер көп болды. Өмиримиз даўамындағы түрли орынларға сапарларды еслегенимизде де усы сапарды биринши болып көз алдымызға келтириўимиз, еслеўимиз анық.
Қанлыкөл районы ҳәкимиятының басламасы менен Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети журналистика қәнигелигиниң оқытыўшылары, магистрантлары ҳәм студентлери, Қарақалпақстан телевидениеси, сондай-ақ, интернет журналистлери ушын медиатур шөлкемлестирилди.
Медиатур даўамында районның ең сулыў орынлары, жаңадан қурылып атырған объектлер, мәдений дем алыў орынларын тамашаладық.
Қанлыкөл бойлап саяхатымызда дәслеп пал ҳәррелери менен «ушырастық». Бундай дегениме ҳайран болмаң. Себеби, биз дәслеп райондағы пал ҳәррешилик ҳәм мийўе-палыз егиў менен шуғылланатуғын «Хожаназар ахун» ЖШЖға бардық. Медицинада ем ушын қолланылатуғын пал ҳәррелери медиатур қатнасыўшыларының үш-төртеўин өзиниң емлик қәсийетке ийе ийнелери менен «сыйлады».

Қанлыкөлге саяхат журналистлерде бир өмирлик тәсир қалдырды

Исбилерменликтиң әҳмийетин түсинген бул шаңарақлық бизнестиң баслығы Х.Мамутов пал ҳәррелери, оннан түсетуғын пайда, мийўе тереклери туўралы мағлыўмат берди.

Қанлыкөлге саяхат журналистлерде бир өмирлик тәсир қалдырды

Буннан соң екинши объект «Kanteks invest» ЖШЖ тоқымашылық фабрикасының қурылыс ислери менен таныстық. Пахтаны жипке айландыратуғын фабриканың қурылыс ислери менен бүгинги күнде 350 адам бәнт. Келешекте бул фабрикадан жылына 27-30 миллион АҚШ доллары пайда алыў режелестирилген. Бул көрсеткишлер келешекте Қанлыкөл районының экономикасын көтериўге әдеўир үлесин қосыўына исенемиз.

Қанлыкөлге саяхат журналистлерде бир өмирлик тәсир қалдырды

Нәўбеттеги сапарымыз «Наўрыз» АПЖ аймағында жайласқан «International construction machinery» ЖШЖға болды. Биз бул жерде гүнжини қайта ислеп таяр өним етип, экспортқа шығаратуғын заводтың қурылысы менен таныстық. Бул жердеги санлар да бизди ҳайран қалдырды. Сиз де итибар қаратың.

Қанлыкөлге саяхат журналистлерде бир өмирлик тәсир қалдырды

Бул жерде айына 400 тонна гүнжи қабыл етилип, оннан 100 тонна өним ислениўи ҳәм келешекте 150 адамның жумыс пенен тәмийинлениўи режелестирилген. Ҳәкимияттың жумыссызлар санын илажы барынша кемейтиў, райондағы барлық пуқараларды жумыс пенен тәмийинлеўге ҳәрекет етиўи бизди қуўандырды.
Азық-аўкат ҳәм медицинада қолланатуғын бул гүнжилер тийкарынан Туркия ҳәм Қытайға экспорт етиледи. Бул объект шама менен 40 күнлерден соң иске түсиўи режелестирилген. Мағлыўмат ушын, гүнжиниң 1 тоннасы 2500 долларды қурайды.

Қанлыкөлге саяхат журналистлерде бир өмирлик тәсир қалдырды

Қанлыкөлге саяхат журналистлерде бир өмирлик тәсир қалдырды

Бул таң қалыўларымыз және де даўам етти. Кейинги орын 2017-жылы ғәрезсизлик байрамына тапсырылған мәдений дем алыў орайы болды. Бул жерде художник Полат Абдреймов тәрепинен исленген китапқа естелик орнатылған. Бул республикадағы бирден-бир китапқа орнатылған естелик. Сондай-ақ бул орында киши футбол стадионы, аттракцион, автодром бар.

Қанлыкөлге саяхат журналистлерде бир өмирлик тәсир қалдырды



Район бойлап сапарымыз «Тоқсаныншы жыллар музейи» бойлап даўам етти.

Қанлыкөлге саяхат журналистлерде бир өмирлик тәсир қалдырды

Ҳәкимниң басламасы менен ашылған бул музейде 1990-жыллары халық тәрепинен пайдаланылған ҳәр түрли үй-хожалық буйымлары, техника қураллары – телефон, қол телефоны, ручка, магнитофон, фотоаппарат, компьютер, видеомагнитофон, диск, саат, калькулятор, жазыў машинкалары сыяқлы 700 ден аслам экспонат орын алған. Бир-еки объектке барып, бираз талыққан биз – медиатур қатнасыўшыларын 90-жыллардағы почта хызметин еслетиўши почтальон алдымызға үшпелеги менен шығып күтип алды.

Қанлыкөлге саяхат журналистлерде бир өмирлик тәсир қалдырды

Сондай-ақ, музейде «Қанлыкөл» деген жазыў түсирилген почта маркалары да бизде өзгеше тәсир қалдырды.
Буннан соң атамасы бизде өзгеше тәсир қалдырған «Арба» этномәдений орнына бардық. «Наўрыз» АПЖ аймағында «Арба» бренди астында этномәдений орайдың қурылыс ҳәм абаданлыстырыў ислери менен таныстық. Халықлар дослығы символындағы бул орын 25-26-май күнлери ашылыўы режелестирилген. Бул орында биз – медиатур қатнасыўшылары жанлы ҳаўазда қосық тыңлап, кеўилли дем алдық.

Қанлыкөлге саяхат журналистлерде бир өмирлик тәсир қалдырды

Қанлыкөлге саяхат журналистлерде бир өмирлик тәсир қалдырды

Қанлыкөлге саяхат журналистлерде бир өмирлик тәсир қалдырды

Жылқышылыққа қәнигелескен «Алым сейис» фермер хожалығындағы 20дан аслам атларды көрдик. Тойларда, байрамларда бас сыйлықты алып жүрген бул атларға минип, кеўиллеримиз көтерилди. Бул көпшилигимиздиң дәслепки ат миниўимиз болды. Фермер хожалығы ийелериниң берген мағлыўматларына қарағанда, бул жерде 100 ге шамалас атлар бар екен.

Қанлыкөлге саяхат журналистлерде бир өмирлик тәсир қалдырды

Ата-бабалары бир әсирден берли жылқышылық пенен шуғылланып киятырған бул жерде антик, корол, меликуш, агрегат, загар деген атлар менен таныстық.
Буннан кейин балықшылыққа қәнигелескен «Аралбаев Муратбай» ЖШЖға барып, әжайып көриниске ийе болған көлдиң бойы биз ушын selfietime (сүўретке түсиў) орны болды.
Бизди және бир ҳайран қалдырған тәрепи, асқабақтың ишине гүриш пенен гөштиң салып писирилгенлиги болды. «Жақсы көргенин, жаман жегенин айтар» деп бизди кейимең. Бул қабақты көрген ҳәр қандай жақсы адам оны мақтаўы анық.

Қанлыкөлге саяхат журналистлерде бир өмирлик тәсир қалдырды

Гитараның жағымлы сестине қосылып қосықларды айтып от әтирапында отырған студент жаслардың сүўретлерин сол ўақыттың өзинде, 15-20 минуттың ишинде шеберлик пенен салып, естелик сыпатында қолымызға услатыўы биз ушын есте қаларлы үлкен саўға болды.

Қанлыкөлге саяхат журналистлерде бир өмирлик тәсир қалдырды

Медиатур соңында район ҳәкими Мэлс Қосназаров пенен район ҳәкимиятында ушырасыў болды. Район бойлап саяхаттан жүдә жақсы, өзгеше тәсир алған қатнасыўшылар кишкене деталларға шекем үлкен итибар қаратылып, районның ҳәр тәреплеме раўажланыўы ушын тынбай жан күйдирип атырған район ҳәкимиятына шексиз миннетдарышылығымызды билдирдик.

Қанлыкөлге саяхат журналистлерде бир өмирлик тәсир қалдырды

Қанлыкөлге саяхат журналистлерде бир өмирлик тәсир қалдырды

Сахибжамал Есемуратова
Social

Усыныс етемиз

Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў жәриймаға себеп болады

Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў жәриймаға себеп болады

Уқсас жаңалықлар

ChatGPT менен турақлы сөйлесиў қәўипли ақыбетлерге алып келиўи мәлим етилди

ChatGPT менен турақлы сөйлесиў қәўипли ақыбетлерге алып келиўи мәлим етилди

Психологлар жасалма интеллект пенен сөйлесиў, әсиресе, жасларға унамсыз тәсир етиўи мүмкинлигинен қәўетерленип атыр.  OpenAI ҳәм Массачусетс...

Өзбекстан дүньяның ең күшли паспортлары рейтингинде көтерилди

Өзбекстан дүньяның ең күшли паспортлары рейтингинде көтерилди

    Өзбекстан дүньяның ең күшли паспортлар рейтингинде 68-орынды ийеледи, деп хабар береди Daryo.uz. Бул ҳаққында Passport

Қарақалпақстанда АЖМ әскери 5 адамды пышақлады

Қарақалпақстанда АЖМ әскери 5 адамды пышақлады

    Кеше, 3-январь күни Қарақалпақстан Республикасы Нөкис қаласында Айрықша жағдайлар министрлигинде хызмет өтеп атырған әпиўайы әскер