
Жәмийетимизде пуқаралардың өзин-өзи басқарыў органларының орны ҳәм ролин күшейтиў, мәҳәлле пуқаралар жыйынларының базасын раўажландырыў жумысларына мүнәсип үлес қосып атырған белсенди ўәкиллерди сыйлықлаў мақсетинде «Маҳалла ифтихори» көкирек белгиси енгизилди.
Бул көкирек белгиси менен сыйлықланған шахслар Өзбекистан «Маҳалла» қайырқомлық жәмийетлик фонды қаржысы есабынан ең кем айлық ис ҳақының төрт есеси муғдарында бир мәрте төленетуғын пул сыйлығын ҳәм мәмлекетимиздеги санаторийларда емлениў ушын бийпул жоллама алыў ҳуқықына ийе. Көкирек белгиси ҳәм оның гүўалығы Ғәрезсизлик күни байрамы алдынан Республика Кеңеси баслығы тәрепинен салтанатлы түрде тапсырылады.
Еслетип өтемиз, «Маҳалла ифтихори» көкирек белгисин енгизиў ҳаққында»ғы Өзбекистан Республикасы Президентиниң қарары 2017-жыл 13-июльда қабыл етилди.
Сахибжамал Есемуратова