Telegram karinform

Спорт

  • 27.07.2017 18:33
  • 2991

Лобановтың «ҳийлекерлик» режеси ямаса сайланды команданың имиджи ҳаққында бир-еки аўыз сөз (фельетон)

Лобановтың «ҳийлекерлик» режеси ямаса сайланды команданың имиджи ҳаққында бир-еки аўыз сөз (фельетон)

Айтқандай, неге ҳешким Өзбекистан сайланды… эй, тфу, Бабаянның миллий сайланды командасы ҳаққында жазбай атыр?
Ояның, ҳүрметли журналистлер. Уйқлайтуғын ўакыт емес. Ҳәр ким де Саудияның төртинши командасын жеңе бермейди. Неге тым-тырыссыз?
Кейин, бирден-бир голды ким урғанынан хабарыңыз бар ма? Сергеев! Бундай жағдай енди ай тутылыўы жүз жылда бир болатуғындай гәп, мен сизге айтсам! Газеталарды «безеп», телевизорларды «жарып», интервьюларды үйип тасламайсыз ба, эҳҳ…
Минекей, ҳәзир Бабаяннан интервью алыўдың ўақты келди. Қорқпаң, сизди көрип, Ахрор баба айтқандай, қашып кетпейди. Ақыры, «Ал-Таавон»дай аты дүньяға белгили клуб талқан етилди. Буның менен сайланды командамыздың халықаралық имиджин және көклерге көтерди. Буны ислеўдиң өзи аңсат па? Интервью алыў қолыңыздан келмесе, ең болмаса бир енли «алғыснама» жәриялап жибериң-дә…
Ҳе, «Зоб-Аҳан»нан жеңилди дейсиз бе? Түсинбедим, сиз не Марста жүрсиз бе? «Зоб-Аҳан»ның ким екенлигин, яғный, қайсы елдиң командасы екенлигин билмейсиз бе? Азия континентинен жәҳән чемпионатына биринши болып шыққан елдики-ғой! Бундай дәрежедеги клублар менен ойын өткериўдиң өзи «мақтаныш», мен сизге айтсам. Киши есаптағы жеңилис, ол улыўма – жеңиске тең!
Мениңше, Лобанов та голды биле-тура әдейи өткерип жиберген. Не ушын дегениңиз неси, егер де теңбе-тең болғанда, ҳәмме бизлерге және басқаша, «салдамалы» түрде қарай баслаған болар еди. Бул болса Бабаянның «вертикал-горизонтал» тактикасына туўра келмейди. Мойынның даўамында да бираз ислетиң-дә…
Кешириң, умытыппан-ғой, сайланды команда еле Түркияда ма? Егер солай болса, ҳүрметли журналистлер, «айыбыңызды жуўыў» ушын жүдә жақсы имканиятыңыз бар! Команданы қызғын салтанат ҳәм йошлы кейпиятта күтип алыў.
Ҳаў, айтқандай, Лобановтың «ҳийлекерлик» режеси ҳәм Сергеевтиң «легендалық» голын көклерге көтериўге бағдарланған плакат-слакат ислетиў ядыңыздан шықпасын!


Ўткир Қаламтебратар
Fayzbog.uz
сайтынан алынды.

Қарақалпақшалаған: Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў жәриймаға себеп болады

Түнги ўақытта пуқаралардың тынышлығын бузыў жәриймаға себеп болады

Уқсас жаңалықлар

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

    Лондон Патшалық колледжиниң илимпазлары Лондон Империал колледжиниң кәсиплеслери менен биргеликте лаборатория шараятында жасалма түрде инсан

Қарақалпақстанда ерлер көп пе ямаса ҳаяллар?

Қарақалпақстанда ерлер көп пе ямаса ҳаяллар?

    Қарақалпақстан Республикасы статистика комитетиниң берген мағлыўматына бола, 2025-жылдың 1-апрель жағдайына Қарақалпақстан Республикасының турақлы халқының саны

АҚШ визасын алмақшы болғанлардың социаллық тармақлары тексериледи

АҚШ визасын алмақшы болғанлардың социаллық тармақлары тексериледи

        АҚШтың студентлик ҳәм басқа түрдеги визаларын алажақ болған адамлардың социаллық тармақлары тексериледи. Мәмлекетлик хаткер Марко