Telegram karinform

Сиясат

  • 29.07.2017 19:04
  • 2569

ӨзМТДП Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси «Ҳаяллар қанаты»нда қандай илажлар әмелге асырылмақта?

ӨзМТДП Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси «Ҳаяллар қанаты»нда қандай илажлар әмелге асырылмақта?

Усы жылдың 28 июль сәнесинде Өзбекистан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси «Ҳаяллар қанаты» тәрепинен «Парламентимиздиң ҳақықый демократия мектебине айланыўы, реформалардың басламашысы ҳәм тийкарғы орынлаўшысы болыўы керек» темасы – искерлигимиздиң бағдарламасы» темасындағы дөңгелек-стол сәўбети шөлкемлестирилди.
Онда ӨзМТДПдан сайланған Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм халық депутатлары қала, район Кеңеслери депутатлары, районлық партия шөлкемлери баслықлары ҳәм олардың ҳаял-қызлар, жаслар мәселелери бойынша орынбасарлары, «Ҳаяллар қанаты» белсендилери ҳәм ҒХҚ ўәкиллери қатнасты.

ӨзМТДП Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси «Ҳаяллар қанаты»нда қандай илажлар әмелге асырылмақта?

Илажда ӨзМТДП Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси баслығының Ҳаял-қызлар мәселелери бойынша орынбасары А.Нурымбетова, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты Р.Каландарова, халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңеси депутаты А.Далымбетова, Әмиўдәрья районлық Кеңеси депутаты Г.Ибрагимова, қала ҳәм районлық партия шөлкеми баслықлары, жетекши қәнигелери ҳәм «Ҳаяллар қанаты» белсендилери усы партияның «Ҳаяллар қанаты» белсендилигин арттырыў бойынша өзлериниң пикир ҳәм усынысларын билдирди.

ӨзМТДП Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси «Ҳаяллар қанаты»нда қандай илажлар әмелге асырылмақта?

Илажды шөлкемлестириўден мақсет партияның «Ҳаяллар қанаты» белсендилигин арттырыў, келешекте әмелге асырылатуғын илажлардың режесин ислеп шығыўдан ибарат», - деди ӨзМТДП Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси Атқарыў комитети аппараты ҳаял-қызлар социаллық- сиясий белсендилигин арттырыў мәселелери бойынша жетекши қәнигеси Айнура Утениязова.
Илаж пикир-таласлар тийкарында болып өтти. Қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған барлық сораўларға жуўаплар алды.

ӨзМТДП Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси «Ҳаяллар қанаты»нда қандай илажлар әмелге асырылмақта?

Сахибжамал Есемуратова
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында