Telegram karinform

Технология

  • 07.05.2018 10:49
  • 1862

Бүгин халықаралық радио күни. ҚМУда студентлер ушын радиоузель жумыс баслады



7-май – радионың ойлап табылған күни сыпатында дүньяның көплеген мәмлекетлеринде кең түрде белгиленеди. 1895-жылы 7-май күни россиялы илимпаз Александр Попов биринши мәрте радиотолқынларды бир орыннан екинши орынға жибериў ҳәм қабыллап алыў қурылмасын көпшиликке таныстырған еди.
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде усы сәне мүнәсибети менен елимизде жүз берип атырған әҳмийетли жаңалықлар, профессор-оқытыўшылардың тәжирийбеси, студент-жаслардың турмысын сәўлелендирип барыў мақсетинде радиоузель шөлкемлестирилди.
- Университетимизде радиоузель көп жыллардан берли жумыс алып барып келмекте. Бирақ, техникалық себеплерге бола соңғы ўақытлары турақлы түрде еситтириўлер берилмей атырған еди. Студентлердиң пикир ҳәм усынысларын есапқа алып, радиоузельдиң жумысларын турақлы жолға қойып атырмыз. Усынысларымызды қоллап-қуўатлап, жақыннан жәрдем берип атырған университет ректоратынан миннетдармыз, - дейди университеттиң жаслар жетекшиси Нурназар Пирназаров.
Мағлыўмат ушын, университет радиоузелиниң еситтириўлери студентлер тәрепинен таярланып барылады ҳәм азанғы 8:00 ден 8:30 ға шекем университет аймағында тарқатылады.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz

Ислам Матеков.

Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған