Telegram karinform

Жәмийет

  • 02.08.2017 12:04
  • 2171

1-август күни ТИТУда биометрикалық қадағалаў усылы бирнеше «паровоз»ларды әшкаралады

1-август күни ТИТУда биометрикалық қадағалаў усылы бирнеше «паровоз»ларды әшкаралады

1-август күни Ташкент информациялық технологиялар университетинде абитуриентлерди тестке киргизиў алдынан биометрикалық қадағалаўдан өткериў системасы өз нәтийжесин берди, деп хабар бермекте Корреспондент Ўзбекистон.
Бул системаға муўапық, абитуриенттен ҳүжжет тапсырған ўақтында арнаўлы биометрикалық модулға бармағын қойыў талап етилди. Абитуриентлер тестке кириў ўақтында усы модулға қайтадан бармағын басады, егер мағлыўматлар сәйкес келсе, абитуриент тестке жибериледи. Бул усыл арқалы ТИТУға ҳүжжет тапсырған 12214 абитуриенттиң ҳәр 5 мыңнан 2 абитуриенттиң қағыйданы бузып кирип атырғаны анықланған.
Мағлыўматта жазылыўынша, ТИТУдың арнаўлы факультетине кириў ушын тест сынақлары ўақтында 16 нызам бузыўшылық жағдайы анықланғаннан соң кеминде 50 абитуриент ҳүжжетлерин қайтып алған.
Сондай-ақ, тест өткерилген күни сораў бетлерин айнадан ылақтырып, оны басқа адамлардың шешип бериў жағдайлары да анықланып, нызам бузыўшылар ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлери тәрепинен усланған ҳәм аудиториядан шығарып жиберилген.
Social

Усыныс етемиз

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Уқсас жаңалықлар

Қытайда дүньядағы биринши жасалма интеллект емлеўханасы ашылады

Қытайда дүньядағы биринши жасалма интеллект емлеўханасы ашылады

        Пекиндеги Синхуа университети толық жасалма интеллект тийкарында ислейтуғын биринши «Агент емлеўханасы»н шөлкемлестирди. Онда 14 виртуал

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...