Telegram karinform

Жәмийет

  • 10.05.2018 12:29
  • 2204

Қарақалпақстан дүнья итибарында: Елимизге «The New York Times» газетасы ҳәм «BBC One» телеканалы журналистлери келеди



Усы жылдың 10-25-май күнлери аралығында АҚШтағы ең белгили газета есапланған «The New York Times» газетасының Москва қаласындағы бюросы баслығы Нил МакФаркухар ҳәм газетаның корреспонденти Иван Нечепуренколар Қарақалпақстанда хызмет сапарында болады.
Сапардан гөзленген тийкарғы мақсет, «Саҳрадағы Лувр» атанған И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейи ҳәм Қазақстан миллий географиялық жәмийети менен бирге Қубла Арал халқының турмысы ҳаққында материаллар таярлаўдан ибарат.
Сапар даўамында газета ўәкиллери И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейиниң директоры Гүлбәҳәр Изентаева менен сәўбетлесип, музейдиң жаңа имаратларының пайдаланыўға тапсырылыўы, халықаралық көргизбелердеги қатнасы, қайсы мәмлекетлерден көбирек туристлер келип атырғаны, музейдиң келешектеги жумыслары ҳаққында сәўбетлесиўи, сондай-ақ, Мойнақ районына барып, Арал теңизиниң бүгинги жағдайын көриў, бул жердеги өзгерислер менен танысыў режелестирилген.
Және усы жылдың 20-25-май күнлери аралығында Уллы Британияның «Hello-Halo» продюсерлик компаниясының дөретиўшилик жәмәәти елимизде мийманда болыўы режелестирилген.
Уллы Британияның дүньяға белгили «BBC One» телеканалы ушын ҳүжжетли фильмлерди түсирип, эфирге беретуғын бул компания Арал теңизине байланыслы «The Truth About» фильмин түсириўди мақсет еткен.
Ҳүжжетли фильмде И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейи, Миздақхан комплексиндеги Гәўир қала архитектуралық естелиги, Мойнақ районындағы бурынғы балықшылар менен интервью, Корабльлер қойымшылығы, Арал теңизиниң бүгинги аўҳалы, теңиздиң қурыған ултанында пайда етилип атырған сексеўил тоғайлықлары, сондай-ақ, Мойнақтағы киши ҳәм жеке исбилерменликтиң бүгинги раўажланыў барысы көрсетилиўи режелестирилген.
Дүнья жүзине белгили усындай ғалаба хабар қуралларының Қарақалпақстан ҳәм Арал теңизи ҳаққында таярлаған бундай материаллары елимиздиң туристлик мүмкиншиликлерин және бир мәрте дүньяға көрсетеди. Шөлкемлестирилетуғын бул сапарлар ҳәм олардың жуўмақлары бойынша кейинирек мағлыўматлар беремиз.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz

Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған