Telegram karinform

Жәмийет

  • 10.05.2018 13:16
  • 2107

QazaqGeography экспедициялық топары Арал теңизине экспедиция баслады. Олар Қарақалпақстанға қашан келеди?



10-май күни Назарбаев университети ҳәм Қазақстан миллий географиялық жәмийети – QazaqGeography экспедициялық топары Арал теңизине бағытланған илимий-ағартыўшылық экспедициясын баслады. Арқа ҳәм Қубла Арал жағалаўларын изертлеўге арналған «Арал-2018» илимий-ағартыўшылық экспедиясы 10-29-май күнлери аралығында болып өтеди. Гидробиолог илимпазлар ҳәм картографлар экспедициясы қурамында белгили журналистлер, фотографлар да бар.
Быйылғы экспедицияның айырмашылығы сонда, быйыл изертлеў орынларына Қубла Арал да киргизилген. Илимий экспертизаның нәтийжелери бойынша планктонлық топарлардың биологиялық көп түрлилиги, суўдың шорланыў дәрежеси, форфорлы қурамы бойынша мағлыўмат топланады. Бул болса Арқа ҳәм Қубла Арал жағалаўларындағы экологиялық жағдайды алдын ала болжаў имканиятын жаратып береди.
Сондай-ақ, экспедицияда Арал жағалаўлары бойынша туристлик жөнелислер картасын ислеп шығыў, фото ҳәм видеоматериалларды таярлаў ушын материаллар топлаў баслы мақсетлердиң бири болмақта.
- Бул QazaqGeography экспедициялық топарының Арал теңизине шөлкемлестирип атырған үшинши илимий-ағартыўшылық сапары. Быйылғы жылы да сапарымыз Назарбаев университети илимпазлары менен бирге шөлкемлестирилмекте. Изертлеў орынларына Қубла Арал да кирди, - дейди QazaqGeography жәмийетиниң басқарма баслығы Қанат Байғарин.
Сапардағы 19 күн даўамында экспедиция қурамындағы 20 адам 5 автомобильде Қазақстан ҳәм Өзбекстан аймағындағы 7 мың километрлик аралықты басып өтеди.
- Сапар «Астана – Балқаш – Шу – Тараз – Шымкент – Ташкент – Самарқанд – Бухара – Ургенч – Нөкис – Мойнақ – Арал теңизи – Бейнеў – Бозой – Арал теңизи – Арал – Қызылорда – Жезқазған – Қарағанды – Астана» жөнелиси бойынша өткериледи, - дейди экспедиция басшысы Нуржан Алғашов.
Трансшегаралық туризмниң раўажланыўы Орайлық Азия мәмлекетлери ушын оғада әҳмийетли есапланады. Өйткени, туристлер Орайлық Азия еллерине кластер арқалы барады. Экспедиция Арал регионы ушын туристлик карталарды ҳәм трансшегаралық жөнелислерди таярлаўға жәрдем береди.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz

Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында