Цитрус мийўелери ҳәм оның шербети

Аш қарынға түскен цитрус мийўесиниң суйықлығы асқазан клеткаларын түршиктирип, дузлы суйықлықтың бөлиниўин жеделлестиреди. Азанда аш қарынға желинген цитрус мийўеси ямаса оның шербети бир стакан уксус ишкендей сезим пайда етеди. Бул гастрит пенен аўырған адамларға қатты тәсир етеди.
Шийки палыз егинлери ҳәм көк шөплер

Бул өнимлер асқазанды кептирип жибереди ҳәм соның нәтийжесинде асқазанда аўырыў пайда болады.
Кондитерлик өнимлер

Азанғы аўқатланыў ўақтында кондитерлик өнимлерди көп жеген адамда асқазан асты аўырыўы бақланады. Бундай өнимлер инсулин гормонының артыўын жеделлестирип, бөтекеде артықша май топланыўына ҳәм қанда қант муғдарының артыўына себепши болады.
Салқын ишимликлер

Бундай ишимликлер адамның ас сиңириў системасының жумысын өзгертеди. Бул болса қан айланысын төменлетеди.
Айран

Айранды аш қарынға ишсе, оның қурамындағы барлық пайдалы витаминлер кери тәсир етиўи мүмкин. Айранды аўқатланып болғаннан соң 2 сааттан кейин ямаса уйқыдан алдын ишиў мақсетке муўапық болады.
Ислам Матеков.