Telegram karinform

Жәмийет

  • 22.05.2018 10:23
  • 1911

Прокуратура органлары хызметкерлерине 14 процентлик ставкада кредитке автомобиль алыў мүмкиншилиги бериледи



Прокуратура органлары хызметкерлерине «Асака банк» арқалы кредитке автомобиль алыў мүмкиншилиги бериледи. Бул ҳаққында тийисли қарар жойбары таярланған, деп хабар бермекте Asr.uz өз исенимли дәрегине тийкарланып.
Ҳүжжетте көрсетип өтилгениндей, прокуратура органлары хызметкерлерине автомобильлер 10 жыллық мүддетке кредит тийкарында бериледи. Автомобиль баҳасының 25 проценти дәслепки төлем сыпатында төленеди. Кредиттиң жыллық проценти қайта қаржыландырыў ставкасы (ҳәзирги ўақытта 14%) менен бирдей көрсеткиште болады.
Бул шәртлер тийкарында кредитке машина алмақшы болған прокуратура органлары хызметкерлериниң дизими Бас прокуратура тәрепинен усыныс етиледи.
Бул бойынша тийисли қарар жақын күнлерде ҒХҚда жәрияланыўы күтилмекте.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz

Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанның баспасөз еркинлиги рейтингиндеги орны өзгериссиз қалды

Өзбекстанның баспасөз еркинлиги рейтингиндеги орны өзгериссиз қалды

Уқсас жаңалықлар

Трамп енгизген бажылар себепли iPhone баҳалары 30 процентке қымбатлаўы мүмкин

Трамп енгизген бажылар себепли iPhone баҳалары 30 процентке қымбатлаўы мүмкин

        Apple‘дың жаңа смартфонлары АҚШ президенти Доналд Трамп ҳәкимшилигиниң бажыхана төлемлери себепли 30 процентке қымбатлаўы мүмкин.

АҚШ визасын алмақшы болғанлардың социаллық тармақлары тексериледи

АҚШ визасын алмақшы болғанлардың социаллық тармақлары тексериледи

        АҚШтың студентлик ҳәм басқа түрдеги визаларын алажақ болған адамлардың социаллық тармақлары тексериледи. Мәмлекетлик хаткер Марко

Өзлестириў көрсеткиши жоқары болған социаллық белсенди студентлерге тәлим гранты бериледи

Өзлестириў көрсеткиши жоқары болған социаллық белсенди студентлерге тәлим гранты бериледи

    ️Енди жоқары курслардағы өзлестириўи жақсы ҳәм социаллық белсенди студентлер толық ямаса белгили бир бөлеги муғдарында