Telegram karinform

Экономика

  • 31.05.2018 12:08
  • 3088

Япония Өзбекстанға 7 миллион долларлық жол-қурылыс техникасын жибермекши. Олардан Қарақалпақстан жолларын тегислеўде де пайдаланылады

Япония Өзбекстанға 7 миллион долларлық жол-қурылыс техникасын жибермекши. Олардан Қарақалпақстан жолларын тегислеўде де пайдаланылады

Япония Өзбекстанға улыўмалық муғдары 800 миллион йена (7,3 миллион доллар) болған жол-қурылыс техникасын бийғәрез тийкарда усынады, деп хабар бермекте Asr.uz Sputnik хабаршысына тийкарланып.
Бул Өзбекстан ҳәм Япония ўәкиллери арасында Ташкентте қол қойылған алмасыў ноталарында нәзерде тутылған.
«Грант жойбары шеңберинде Өзбекстан Японияның «Sakai Heavy Industries Ltd» компаниясының техникасына ийе болады. Бул техникадан Сырдәрья, Жиззах, Хорезм ҳәм Қарақалпақстанда «Абат аўыл» бағдарламасын әмелге асырыў шеңберинде аўыллық жерлерде жол-оңлаў жумысларында пайдаланылады. Өзбекстанға атап айтқанда, ресайклер ҳәм ҳәр қыйлы жол қурылысы техникалары ҳәм олардың аўысық бөлеклери жибериледи», - деп айтып өтти Японияның Өзбекстандағы елшиханасы.
Еслетип өтемиз, усы жылдың март айының басында Өзбекстан Қытайда ислеп шығарылған 100 ден аслам жол-қурылыс техникасын сатып алған еди.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz

Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Қарақалпақстанда жаздың биринши күнинде ҳаўа райы қандай болады?

Қарақалпақстанда жаздың биринши күнинде ҳаўа райы қандай болады?

    «Өзгидромет» Қарақалпақстан Республикасында жаздың биринши күнинде ҳаўа райы қандай болыўы ҳаққында мағлыўмат берди.  Ҳаўа бираз