Telegram karinform

Спорт

  • 01.06.2018 10:44
  • 2040

Миллий Олимпия комитети Президенти Нөкиске келди. Ол пайтахтымыздағы спорт комплексин барып көрди (+фото)

Миллий Олимпия комитети Президенти Нөкиске келди. Ол пайтахтымыздағы спорт комплексин барып көрди (+фото)

Бүгин пайтахтымыз Нөкис қаласында үлкен спорт фестивалы өткерилетуғынлығы ҳәм фестивальда қатнасыў ушын Ташкент қаласынан өзбек футболының жулдызлары ҳәм белгили эстрада ўәкиллеринен ибарат делегация пайтахтымызға жетип келгенлиги ҳаққында хабар берген едик.

Миллий Олимпия комитети Президенти Нөкиске келди. Ол пайтахтымыздағы спорт комплексин барып көрди (+фото)

Делегацияға Миллий Олимпия комитети (МОК) Президенти Умид Аҳмаджонов басшылық етпекте. Комитет рәсмий веб-сайтының хабар бериўинше, МОК Президенти Нөкис қаласында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтың басламасы менен қурып питкерилген Олимпия ҳәм миллий спорт түрлери бойынша Жоқары тәжирийбе спорт мектебин барып көрди ҳәм усы жердеги шараятлар менен танысты, сондай-ақ, спорт мектеби басшылары менен сәўбетлести.

Миллий Олимпия комитети Президенти Нөкиске келди. Ол пайтахтымыздағы спорт комплексин барып көрди (+фото)
Миллий Олимпия комитети Президенти Нөкиске келди. Ол пайтахтымыздағы спорт комплексин барып көрди (+фото)

- Сыр емес, Қарақалпақстан Республикасы елимиз спорты ушын көплеген қәбилетли спортшыларды тәрбиялап берген. Бул мектеп те келешекте усы дәстүрди даўам еттирип, белгили спортшыларды жетилистирип шығарыўға өз үлесин қосыўы керек, - деп айтып өтти МОК Президенти. Умид Аҳмаджонов бул жолда Миллий Олимпия комитети тәрепинен барлық шараятлар жаратып берилетуғынлығы ҳаққында өз пикирлерин билдирди.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz

Ислам Матеков.
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...